Пәрман менен Социаллық реестрге киргизилген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем төлеўдиң төмендеги тәртиби енгизиледи:

"мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ" категориясына киргизилген шаңарақларға социаллық хызметлер ҳәм жәрдем, соның ишинде, балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем олардың усы категорияда болған дәўиринде шаңарақ ағзаларының бәнтлигинен бийғәрез ҳәм қосымша мүрәжат талап етпеген ҳалда көрсетиледи.

Онда шаңарақтың социаллық-экономикалық жағдайы шаңарақ Социаллық реестрге киргизилгеннен кейин 12 айдан соң қайта баҳаланады, министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системалары арқалы шаңарақтың жағдайын үйрениў буған кирмейди;

"кәмбағал шаңарақ" категориясына киргизилген шаңарақларға:

балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем олар тайынланған ўақыттан баслап 6 ай даўамында шаңарақтың мийнетке жарамлы ағзаларының рәсмий бәнтлигин тәмийинлеў шәрти менен тайынланады;

шаңарақтың мийнетке жарамлы ағзаларының рәсмий бәнтлигин тәмийинлеўде балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем қосымша мүрәжат талап етилместен үзликсиз төленеди;

шаңарақтың мийнетке жарамлы ағзаларын рәсмий бәнт етиў шәрти орынланбаған жағдайда балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем төлеў тоқтатылады.

Онда, шаңарақ "кәмбағал шаңарақ" категориясына киргизилгенлиги себепли балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем алыў ушын қайта мүрәжат еткен жағдайда, шаңарақтың мийнетке жарамлы ағзаларының бәнтлигин бийкар етиўши қағыйда 6 ай даўамында қолланылмайды;

"кәмбағаллық шегарасындағы шаңарақ" категориясына киргизилген шаңарақларға:

балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем шаңарақлар усы категорияға киргизилген ўақыттан баслап 6 ай даўамында төленеди;

егер шаңарақтың ҳәр бир ағзасына туўра келетуғын улыўма орташа айлық дәрамат ең кем тутыныў қәрежетлериниң 1 есесинен 1,25 есесине шекемги болған муғдарын қураған жағдайда, оған төленетуғын балалар напақасы ямаса материаллық жәрдемниң муғдары усы напақа ямаса материаллық жәрдемниң 75 процентин қурайды;

егер шаңарақтың ҳәр бир ағзасына туўра келетуғын улыўма орташа айлық дәрамат ең кем тутыныў қәрежетлериниң 1,25 есесинен 1,5 есесине шекемги болған муғдарын қураған болса, тийисли напақа ямаса материаллық жәрдемниң муғдары 50 процентти қурайды.