Өзбекстанда республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларында басқарыў кадрларының саны оптималластырылмақта

    8 қазан 2025 830

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысына санластырыўды кеңнен енгизиў арқалы олардың басқарыў штат бирликлери санын оптималластырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилди (04.10.2025-жылдағы ПҚ-178-санлы).

    Пәрманды қабыл етиўдиң тийкарғы мақсетлери сыпатында республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары жумысының нәтийжелилигин тәмийинлеў, басқарыў қәрежетлерин қысқартыў белгиленген.

    Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының басқарыў штат бирликлериниң 2025-жыл 1-ноябрьден баслап оптималластырылатуғын саны тастыйықланды.

    Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары:

    • тараўға байланыслы болмаған ўазыйпаларды қысқартыў ҳәм жумысқа санлы технологияларды енгизиў;
    • мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм жасалма интеллектке тийкарланған жойбарларды иске қосыў ушын техникалық инфраструктураны жаратыў, бул бағдардағы тийкарғы жойбарларды әмелге асырыў;
    • халықтың жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, кадрлар потенциалын раўажландырыў.
    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates