Пәрманды қабыл етиўдиң тийкарғы мақсетлери сыпатында республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары жумысының нәтийжелилигин тәмийинлеў, басқарыў қәрежетлерин қысқартыў белгиленген.

Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының басқарыў штат бирликлериниң 2025-жыл 1-ноябрьден баслап оптималластырылатуғын саны тастыйықланды.

Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары:

  • тараўға байланыслы болмаған ўазыйпаларды қысқартыў ҳәм жумысқа санлы технологияларды енгизиў;
  • мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм жасалма интеллектке тийкарланған жойбарларды иске қосыў ушын техникалық инфраструктураны жаратыў, бул бағдардағы тийкарғы жойбарларды әмелге асырыў;
  • халықтың жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, кадрлар потенциалын раўажландырыў.