Илажда Халықаралық автомобиль федерациясы президенти Муҳаммед бин Сулайым, Спорт министрлиги, Миллий олимпиада комитети басшылары, сондай-ақ, Халықаралық автомобиль федерациясына ағза түрли структура ҳәм бағдарлардың ўәкиллери қатнасты.
Мәмлекетимиз атынан шығып сөйлеген спорт министри Адҳам Икрамов мийманларды қутлықлап, Өзбекстанда спорт тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды атап өтти.
Өз гезегинде, Муҳаммад бин Сулайым мырза бул илаж Орайлық Азия регионында биринши мәрте өткерилип атырғанын атап өтип, автоспорт дүньясы ушын әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Буннан тысқары, FIA Президенти жыл даўамында жоқары белсендилик көрсетип, сезилерли нәтийжелерге ерискен команда ҳәм шөлкемлерди сыйлықлады.











