Өзбекстанда жумыс ислеп атырған майыплығы болған шахслардың пенсиялары "проактив" тәртипте қайта есапланады

    Социаллық турмыс 10 желтоқсан 2025 176

    Усы жылдың 1-июльинен баслап майыплығы болған пуқаралар ушын пенсияларды "проактив қайта есаплаў" системасы енгизилди. Яғный, I ҳәм II топар майыплығы бойынша пенсия тайынланғанынан кейин пуқарада кеминде бир жыл мийнет стажы жыйналған болса, ҳәр 2 жылда пенсия автоматикалық тәризде қайта есапланады.

    Бул қалай ислейди:

    Майыплығы болған шахсларға пенсияны қайта есаплаў ушын Пенсия қоры бөлимлерине барып мүрәжат етиў шәрт емес.

    Пуқара телефон номерине қайта есап-санақ ҳаққында СМС-хабарнама алады. Телефон болмаса, мағлыўмат почта арқалы жибериледи.

    Мийнет стажы ҳәм мийнет ҳақы ҳаққындағы мағлыўматлар тийисли шөлкемлердиң мағлыўматлар базаларынан автоматикалық түрде алынады. Пенсионерден қандайда бир ҳүжжет ямаса мағлыўматларды усыныў талап етилмейди.

    Солай етип, "проактив қайта есаплаў" системасы майыплығы болған пуқаралардың пенсиялары артықша бюрократиялық тәртип-қағыйдаларсыз ҳәм Пенсия қорына мүрәжатларсыз өз ўақтында арттырылыўын тәмийинлейди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates