Өзбекстанда кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға ғамхорлық етиў дәўири автомат түрде пенсия стажына қосылады

    Социаллық турмыс 19 қазан 2025 703

    Бюджеттен тысқары Пенсия қорында пуқараның жәрдемге мүтәж туўысқанларын бағыў ушын жумыс ислемейтуғын дәўирин мийнет стажына қосыў тәртиби түсиндирилди.

    Сораў:

    "Мен 80 жастан асқан атамды бағып жүргеним ушын жумыс ислемеймен. Бул дәўир мениң мийнет стажыма қосылатуғынын қалай билиў мүмкин?"

    Жуўабы:

    бундай жағдайларда арза бериў ямаса ҳүжжетлерди усыныў талап етилмейди - есапқа алыў автомат түрде әмелге асырылады.

    Төмендеги шахсларды тәрбиялаў дәўири мийнет стажына қосылады:

    I топар майыплығы болған шахс;

    18 жасқа шекемги майыплығы болған бала;

    80 жастағы ҳәм оннан жоқары жастағы кексе пуқара.

    Бул мағлыўматлар Социаллық қорғаў агентлиги тәрепинен Пенсия қорына мәлимлеме системасы арқалы берилетуғын электрон мағлыўматлар тийкарында дизимге алынады.

    Әҳмийетли шәрт: тәрбияланыў дәўири мийнет стажына қосылыўы ушын пуқараның кеминде 7 жыллық рәсмий жумыс стажы болыўы керек.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates