Пәрманға бола, 2026-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстанда мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың жаңа системасы енгизиледи.
Онда пуқаралар төмендеги шәртлер тийкарында мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў менен қамтып алынады:
- физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының муғдары Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққындағы Нызамында белгиленетуғын бөлеги есабынан;
ықтыярлы түрде - мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 5 проценти муғдарында айлық қамсызландырыў төлеминиң ең аз муғдарын төлеў жолы менен.
Пуқараларға мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлер Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры (Қоры) арқалы олардың ең кем қамсызландырыў стажы ҳәм төленген қамсызландырыў төлемлерине пропорционал түрде әмелге асырылады.
Қор арқалы проактив түрде төмендеги напақалар тайынланады ҳәм төленеди:
2026-жыл 1-январьдан баслап - ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы;
2026-жыл 1-июльден баслап - ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы.
Соның менен бирге, пуқаралардың мүрәжатлары тийкарында 2030-жыл 1-январьдан баслап жумыстан босаў напақасы Қор арқалы тайынланады ҳәм төленеди.









