Өзбекстанда "Жаслар дәптери" қорлары арқалы социаллық жәрдем көрсетиў нәтийжелилиги арттырылмақта

    Социаллық турмыс 21 қараша 2025 553

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Жаслар дәптери" қорлары арқалы социаллық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында"ғы Пәрманы қабыл етилди (2025-жыл 20-ноябрьдеги ПП-222-санлы).

    Пәрманның тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди:

    "Жаслар дәптери"не киргизилген 16 мың жастың турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўына жәрдемлесиў;

    "Мутолаа" жойбары шеңберинде илимий-ғалабалық ҳәм көркем әдебиятларды турақлы оқыўшы жаслардың үлесин 10 процентке арттырыў;

    "Ибрат перзентлери" жойбары шеңберинде шет тиллерин өзлестирген жаслардың үлесин 30 процентке арттырыў.

    Пәрманға муўапық, 2026-жыл 1-февральдан баслап кем тәмийинленген шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардың жасларына белгиленген социаллық жәрдем түрлери төмендеги шәртлер тийкарында социаллық шәртнама тийкарында көрсетиледи:

    үзликсиз оқытыўды әмелге асырыў;

    оқыў процесинде унамлы өзлестириў көрсеткишлерине ерисиў;

    волонтёрлық жумысын әмелге асырыў;

    "Бес баслама олимпиадасы" шеңбериндеги жойбарларда қатнасыў.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates