Бул баслама Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Стратегиялық реформалар агентлигиниң «Delivery Unit» топары тәрепинен жәмийетлик шөлкемлер ҳәм ири кәрханалар қатнасыўында әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 22-ноябрьдеги қарарына муўапық, 2025-2030-жылларда жатыр мойны ҳәм сүт бези рак кеселлигине қарсы гүресиў бағдарламасы тастыйықланды. Онда ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў, скрининг процесслерин кеңейтиў, халықтың хабардарлығын арттырыў илажлары қамтып алынған.
"Ерте анықла - өмриңди сақлап қәл" айлығы да усы мақсетлерге қаратылған. Илаж шеңберинде дүканлар, дәриханалар, улыўма аўқатланыў шақапшалары ҳәм басқа да жәмийетлик орынларда ҳәр қыйлы мәлимлеме материаллары ҳәм символикалар тарқатылмақта. Korzinka, Safia, Bon, Kimmy Lab сыяқлы ири тармақлар бул жойбарды бириншилерден болып қоллап-қуўатлады.
Жойбар шеңберинде 25-октябрь күни онкологлар, гинекологлар ҳәм ҳаял-қызлар қатнасыўында форум өткериледи. Буннан тысқары, 10 жоқары оқыў орнында UNFPA Uzbekistan жәрдеминде рак кеселлигине шалынған ҳаял-қызлардың өмирине бағышланған мәлимлеме-ағартыўшылық илажлары ҳәм фотокөргизбе шөлкемлестириледи.
Усы жылдың 13-15-октябрь күнлери Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығын қорғаў илимий-әмелий медицина орайында ҳаял-қызлар сүт бези рак кеселлигине бийпул тексериўден өткериледи.
Халықтың турақлы хабардарлығын тәмийинлеў мақсетинде сүт бези ҳәм жатыр мойны рагы бойынша исенимли мағлыўматларды өз ишине алған арнаўлы портал иске қосылады. Буннан тысқары, «Delivery Unit» топары тәрепинен сырт ел гранты есабынан жаңа маммография аппаратлары алып келинип, Әндижан, Иштихан, Үргенш, Қоңырат сыяқлы ўәлаятларға жеткерип берилмекте.
Келеси айда Өзбекстан медицина хызметкерлери АҚШтың жетекши онкологиялық орайларынан бири болған «Huntsman Cancer Center»ға стажировкаға жибериледи ҳәм ол жерде диагностика ҳәм емлеўдиң заманагөй усылларын үйренип, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў әмелиятына енгизиледи.

