Өзбекстанда түнги экономиканы раўажландырыў бойынша жойбар ислеп шығылды

    Социаллық турмыс 9 қыркүйек 2025 1229

    Стратегиялық реформалар агентлиги тәрепинен министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар менен биргеликте түнги экономиканы раўажландырыў илажларын енгизиўди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбары таярланды.

    Ҳүжжетти таярлаўда ҒМДА, ШБШ, ЕА ҳәм узақ сырт еллердиң тәжирийбеси үйренилди, сондай-ақ, улыўма аўқатланыў ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы исбилерменлер менен бир қатар ушырасыўлар өткерилди.

    Жойбарда 2030-жылға шекем түнги экономиканы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, сервис ушын жаңа имканиятлар жаратыў, мәмлекеттиң жалпы ишки өниминде түнги экономиканың үлесин арттырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген.

    2030-жылға шекем түнги экономиканы раўажландырыў бойынша ислеп шығылған Мақсетли көрсеткишлер 20 көрсеткишти, соның ишинде, саўда ҳәм кеўилашар объектлер, кафе ҳәм ресторанлар, WiFi зоналары, кинотеатрлар санын көбейтиў, каршеринг ҳәм велошеринг системасын енгизиў, мобиль емлеўханалар, концертлер, фестиваллар өткериўди қамтып алған.

    Соның ишинде, күни-түни жумыс ислейтуғын көше ҳәм аймақлардың санын 320 ға, 24 саат ислейтуғын кафе ҳәм ресторанларды 8 мыңға, саўда ҳәм сервис шақапшаларын 14,2 мыңға жеткериў режелестирилген.

    Биринши басқышта ўәлаятлардағы 27 район ҳәм қала және Ташкент қаласының барлық районларында күни-түни жумыс ислейтуғын көше ҳәм аймақлар дизими қәлиплестирилди.

    Жойбарда күни-түни 24/7 режиминде ислейтуғын көше ҳәм аймақларды шөлкемлестириўге минимал талаплар нәзерде тутылған болып, оған бола, биринши гезекте ўәлаят ҳәм район орайларында, сондай-ақ, халқы 50 мыңнан асқан қалаларда шөлкемлестирилиўи мүмкин. Халықаралық әмелиятқа бола, бул көшелердиң узынлығы орташа 800 метрден 2 мың метрге шекем болыўы керек.

    Бундай көшелер ҳәм аймақлар ушын және бир әҳмийетли өлшем - жасаўшы халық тәрепинен унамлы қабыл етилиўи ушын шаўқым нормаларына әмел етиў бойынша анық талапларды белгилеў усыныс етилмекте.

    Түнги экономиканы раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў, онда түнги экономиканың раўажланыўына тосқынлық етип атырған машқалаларды ҳәр тәреплеме таллаў, сондай-ақ, мақсет ҳәм ўазыйпалар, тийкарғы бағдарлар, инновациялық шешимлер, қаржыландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў илажлары, басқарыў ҳәм муўапықластырыў системасын белгилеў нәзерде тутылмақта. Ҳүжжет пенен Концепцияны 2025-2026-жылларда әмелге асырыў бойынша "жол картасы"н тастыйықлаў усыныс етилмекте.

    Түнги экономиканы раўажландырыўдың әҳмийетли элементи өз бизнесин кеңейтип атырған исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў болып есапланады. Бул жойбар шеңберинде жергиликли бренд статусына ийе исбилерменлердиң бирден-бир электрон реестрин қәлиплестириў режелестирилген. Күни-түни ислейтуғын көшелер аймағында филиал ашып атырған жергиликли брендлердиң ийелерине ҳәм аймақларда, әсиресе, аймақларда хызметкерлердиң маманлығын арттырыў ҳәм қайта оқытыўға байланыслы қәрежетлердиң бир бөлеги қапланыўы мүмкин. Сондай-ақ, жаңа жумыс орынларының санына қарап, тартылып атырған кредит процент қәрежетлериниң бир бөлегин қаплап бериў нәзерде тутылған.

    Соның менен бирге, "жол картасы"нда исбилерменлердиң сыртқы реклама ҳәм жақтыландырыў қәрежетлерин азайтыў, унамлы әмелиятларды енгизиў мақсетинде "Түнги экономика" форумын өткериў сыяқлы басқа да бир қатар илажлар нәзерде тутылған.

    Түнде халық ҳәм туристлерге қаланың дыққатқа ылайық орынлары ҳәм атмосфера менен танысыў имканиятын беретуғын түнги автобус круизлерин жолға қойыў режелестирилген. Сондай-ақ, күни-түни ҳәрекетленетуғын көше ҳәм аймақларды аэропорт ҳәм вокзаллар менен байланыстыратуғын түнги автобус жөнелислерин шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

    Халық ҳәм туристлерди түнги ўақытта ислейтуғын объектлер, логистика ҳәм басқа да дыққатқа ылайық орынлардан хабардар етиў мақсетинде "Түнги экономика" санлы платформасын иске қосыў нәзерде тутылмақта.

    Район (қала) ҳәкиминиң орынбасары статусындағы түнги экономика менеджери лаўазымын енгизиў усыныс етилмекте. Күни-түни жумыс ислейтуғын көше ҳәм аймақлардың мастер-режесин ислеп шығыў, бизнестиң иркинишсиз ислеўин тәмийинлеў, жергиликли халықты тартыў менеджердиң ўазыйпасы етип белгиленеди ҳәм туристлерди түнги экономика мәкемелерине тартыў, сондай-ақ, мәдений-кеўил ашар илажларды шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

    Буннан тысқары, жойбар менен күни-түни жумыс ислейтуғын көшелер ҳәм аймақларды басқарыў компанияларына бириктириў нәзерде тутылмақта. Бундай усыныс пайтахтымыздың Миробод районындағы бир топар исбилерменлер тәрепинен алға қойылды. Бундай компаниялар аймақты сақлаў, абаданластырыў, тазалаў, техникалық тәмийинлеў, исбилерменлер ҳәм халықтың күнделикли мәселелерин оператив шешиў менен шуғылланады.

    Қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде көшелерде ҳәм аймақларда күни-түни ислейтуғын видеобақлаў ҳәм мониторингтиң интеллектуаллық системасын орнатыў режелестирилген.

    Буннан тысқары, қарар жойбарында түнги экономиканың жағдайын, аймақлар ҳәм хызмет түрлери кесиминде оның жалпы ишки өнимдеги үлеси көрсеткишлерин баҳалаў мақсетинде жаңа статистикалық есабатлар системасын енгизиў нәзерде тутылмақта.

    Усыныс етилип атырған илажларды муўапықластырыў ҳәм сапалы әмелге асырыў ушын Республикалық кеңес шөлкемлестириў усыныс етилмекте.

    Усыныс етилип атырған илажлардың әмелге асырылыўы хызмет көрсетиў тараўының раўажланыўына қосымша түртки бериўи, туристлер ағымының артыўы, сондай-ақ, жаңа жумыс орынларының жаратылыўына хызмет етиўи күтилмекте. Дәслепки есап-санақларға бола, 11 мыңнан аслам жаңа жумыс орнын жаратыў, жылына қосымша 200 мыңға шамалас мийман ҳәм туристлерди тартыў режелестирилген.