Өзбекстанда қосымша қун салығынан азат етилетуғын аўыл хожалығы өнимлери дизими кеңейтилди

    31 қазан 2025 375

    2026-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстанда аўыл хожалығы товар ислеп шығарыўшылары тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерин (пахта ҳәм ғәлледен тысқары) реализациялаў ушын қосымша қун салығының "нол"лик ставкасы қолланылады. Бул Президенттиң 2025-жыл 4-сентябрьдеги ПП-153-санлы пәрманында нәзерде тутылған.

    Усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Аўыл хожалығы министрлиги Салық комитети менен биргеликте қосымша қун салығының ноллик ставкасы қолланылатуғын аўыл хожалығы өнимлериниң жаңаланған дизими тастыйықланды.

    Ҳүжжетке муўапық, өнимлер дизими 131 бәнтке кеңейтилди ҳәм Салық комитетиниң рәсмий веб-сайтындағы ашық мағлыўматлар бөлимине жайластырылған ҳалда қайта тастыйықланды.

    Дизимге жергиликли ислеп шығарыўшылар тәрепинен жетистирилетуғын мийўе-овош, палыз, бағ-бақша, от-жем ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлериниң тийкарғы түрлери киргизилген.

    Сондай-ақ, Аўыл хожалығы министрлиги Салық комитети менен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери ҳәм өним жетистириў менен шуғылланатуғын аўыл хожалығы субъектлериниң усыныслары тийкарында дизимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўи мүмкин болады.

    Аўыл хожалығы өнимлерин реализациялаўда қосымша қун салығының ноллик ставкасын қолланыў жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў, салық жүгин азайтыў ҳәм экономиканың аграр секторын раўажландырыўды хошаметлеўге қаратылған.