Ҳүжжеттиң мақсетлери:
- "Халық ҳәм исбилерменлер мәплерине хызмет етиў" принципин турмысқа толық енгизиў мақсетинде район (қала) ҳәкимликлерин халық ҳәм исбилерменлерге комплексли хызметлер көрсетиў бойынша заманагөй структураға айландырыў;
- район (қала) ҳәкимликлериниң жергиликли әҳмийетке ийе мәселелерди еркин шешиў бойынша ҳәкимшилик ўәкилликлерин буннан былай да кеңейтиў;
- район (қала) ҳәкимлериниң аймақларды раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жуўапкершилик тараўларын анықластырыў;
- аймақлар арасында бирге ислесиў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўды шөлкемлестириўдиң нәтийжели механизмлерин енгизиў.
2026-жыл 1-январьдан баслап тәжирийбе тәризинде "Жаңа Өзбекстан көринисиндеги район (қала) " статусы берилген 33 район (қала) ҳәм Сурхандәрья ўәлаятының қалған барлық район (қала) ларындағы республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының район (қала) лық бөлимлери район (қала) ҳәкимликлери структурасына өткериледи.
Усы район (қала) ҳәкимликлериниң басқарыў аппараты структурасы ҳәм штатлар кестеси халық депутатлары Кеңеси тәрепинен тастыйықланады. Бунда төмендегилер киргизиледи:
- шөлкемлестириў-кадрлар, мәлимлеме-таллаў, финанс-экономикалық мәселелер, орынлаўды қадағалаў, энергетика менеджменти бөлимлери (лаўазымлары), сондай-ақ, санластырыў, мәлимлеме ҳәм юридикалық хызметлер офислери;
- Атқарыў аппаратының стратегиялық ўазыйпаларды шешиў, ҳәкимликлер жумысын шөлкемлестириўшилик-техникалық, мәлимлеме-таллаў, қадағалаў ҳәм протокол тәмийнаты, олардың басқарыў аппараты бөлимлериниң жумысын улыўма муўапықластырыў менен шуғылланыўшы басшысы лаўазымы.
Эксперимент өткериў мүддетинде Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлигинде ҳәким орынбасарларының шекленген саны 6 адам, район (қала) ҳәкимликлеринде 4 адам етип белгиленбекте.
Тәжирийбе енгизилип атырған район (қала) ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарлары тәрепинен тийкарғы нәтийжелилик көрсеткишлерине (KPI) толық ерисилген жағдайда, келеси жыл ушын "драйвер" жойбарлар инфраструктурасын жаратыў ушын усы аймаққа ажыратылатуғын қаржылар муғдары 15 процентке арттырылады. Онда, қосымша қаржылар "драйвер" жойбарлар инфраструктурасын жаратыў ушын режелестирилген қаржылардың улыўма муғдары шеңберинде ажыратылады.
KPIға ерисилмеген жағдайда - келеси жылы "драйвер" жойбарлар инфраструктурасын жаратыў ушын тийисли аймаққа ажыратылатуғын қаржылар муғдары азайтылады ҳәм олардың лаўазымға ылайықлығы көрип шығылады.
Ҳүжжет пенен:
- Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги басқарыў аппаратының усыныс етилетуғын структурасы;
- республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының районлық (қалалық) бөлимлери структурасына өткерилетуғын район (қала) ҳәкимликлери басқарыў аппаратының усыныс етилетуғын структурасы;
- эксперимент өткериў дәўиринде район (қала) ҳәкимликлери басқарыў аппаратының структурасына өткерилетуғын республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының район (қала) лық бөлимлериниң штат бирликлери.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 22.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».









