Ҳүжжет пенен мақсетли көрсеткишлер белгиленди:

халықаралық ҳәм қоспа билимлендириў бағдарламалары енгизилген техникумлардың санын кеминде 250 ге жеткериў;

9-класс питкериўшилерин кәсип-өнер билимлендириўи менен қамтып алыўды әмелдеги 29 проценттен 50 процентке жеткериў;

профессионал билимлендириў системасында дуал билимлендириўдиң үлесин әмелдеги 9 проценттен 40 процентке жеткериў;

кәсиплик сертификатқа ийе болған өндирислик оқытыў шеберлериниң үлесин 30 процентке жеткериў;

сырт елде қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өтиў бағдарламаларында қатнасқан педагоглардың санын 100 ден 2500 ге жеткериў.

2026/2027-оқыў жылынан баслап жасларды кәсипке бағдарлаўдың жаңа тәртиби енгизилип, бағдарламалар тийкарында:

"Әтирапымыздағы кәсиплер" - мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде 5 жастан балаларда ҳәр қыйлы кәсиплер ҳаққында дәслепки түсиник ойынлар арқалы қәлиплестириледи;

"Кәсиплер әлипбеси" - улыўма орта билим бериў мектеплериниң 1-4-класс оқыўшыларына түрли кәсиплердиң әҳмийети ҳаққында түсиник бериў ҳәм олардың дәслепки кәсиплик қызығыўшылығын қәлиплестириў;

"Кәсиплер дүньясы" - 5-6-класс оқыўшыларының кәсиплик жумыс ҳәм мийнет тараўларына қызығыўшылығын раўажландырыў ҳәм келешекте кәсип таңлаўға таярлаў ушын тийкар жаратылады;

"Мениң келешектеги кәсибим" - 7-9-класс оқыўшыларының кәсиплик қызығыўшылығы, қәбилети ҳәм таланты анықланып, оларды академиялық билимлендириў ямаса кәсипке бағдарлаў жумыслары шөлкемлестириледи.

2028-жылдан баслап техникумға оқыўға жибериў 9-класты питкериў бойынша өткерилетуғын имтихан нәтийжелери тийкарында әмелге асырылады ҳәм мектеплердиң 10-класс оқыўшыларын техникумларға оқыўға өткериўге рухсат бериледи.

2026-жылдан баслап ҳәр жылы 5-май - Кәсиплер ҳәм мийнет күни сыпатында белгиленеди.

Профессионал билимлендириўдиң мазмуны ҳәм сапасын арттырыў.

Техникум педагогларының қәнигелигин арттырыў тәртиби белгиленип, оған муўапық:

улыўма билим бериў пәнлериниң оқытыўшылары А.Авлоний атындағы Педагогикалық шеберлик миллий институты ҳәм аймақлық педагогикалық шеберлик орайларында тәжирийбе арттырады;

қәнигелик пәнлер оқытыўшылары жетекши жоқары билимлендириў шөлкемлеринде тәжирийбе арттырады.

өндирислик оқытыў усталары аймақлық алдынғы кәсиплик шеберлик техникумларында ҳәм тийисли тараўлар бойынша белгиленген тәртипте маманлық арттырыў жумысын алып барыў ҳуқықына ийе болған шөлкемлерде маманлығын арттырады;

кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў қорының қаржылары есабынан ҳәр жылы кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў процесинде ең жақсы нәтийже көрсеткен 50 ден өндирислик оқытыў шебери, улыўма билим бериў ҳәм қәнигелик пәнлер оқытыўшылары сырт елге тәжирийбе арттырыў ушын жибериледи.

Техникумларда оқыўшылар санының бир өндирислик оқытыў устасына қатнасының шекленген нормативи басқышпа-басқыш енгизиледи ҳәм ол 1:20 қатнаста белгиленеди.

2026-жыл 1-январьдан баслап өндирислик оқытыў устасының штат бирликлери ушын ажыратылатуғын мийнетке ҳақы төлеў фондын есаплаўда өндирислик оқытыў устасының базалық тариф ставкасы улыўма орта билимлендириў шөлкеми биринши маманлық категориясының муғаллиминиң базалық тариф ставкасына тең муғдарда қабыл етиледи.

2028-жылдан баслап профессионал билимлендириў бағдарламаларының сапасы ҳәр жылы Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў миллий агентлиги тәрепинен таңлап алыў усылында төмендеги тәртипте үйрениледи:

жумыс бериўшилер, техникум оқыўшылары ҳәм олардың ата-аналары, сондай-ақ, педагог хызметкерлер арасында сораўлар өткериў;

нызам ҳүжжетлери тийкарында өткерилген мәмлекетлик аккредитация нәтийжелерин анализлеў;

билимлендириў бағдарламаларының ишки ҳәм сыртқы мийнет базары талапларына муўапықлығын үйрениў.

2026/2027-оқыў жылынан баслап дуал тәлим формасында оқып атырған оқыўшыларға арнаўлы платформа арқалы стипендия төлеў жолға қойылады. Онда, ҳәр айлық стипендия БЕМның бир есеси муғдарында төленеди.

Агентлик системасында алдынғы профессионал шеберлик техникумлары шөлкемлестириледи. Олар заманагөй лаборатория (устахана) үскенелери менен тәмийинленип, ўәлаяттағы басқа да техникумлар ушын жетекши әмелий база есапланады.

Техникумларда билимлендириў сапасын тәмийинлеў.

Техникумлар Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў миллий агентлиги тәрепинен жүргизилетуғын миллий рейтинг нәтийжелери тийкарында хошаметленеди.

Онда, миллий рейтинг 2026-жылдан баслап ҳәр оқыў жылы жуўмағы бойынша жүргизиледи ҳәм онда питкериўшилердиң бәнтлиги көрсеткишине тийкарғы әҳмийет бериледи. Миллий рейтингте ең жоқары орынларды ийелеген 50 техникумның ҳәр бири БЕМның 3 мың есеси муғдарында хошаметленеди.

2026-жылдан баслап ҳәр жылы техникум оқыўшылары арасында Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын "Миллий кәсиплик шеберлик таңлаўы" өткериледи.

2026-жыл 1-сентябрьден баслап техникумларды сақлаў қәрежетлери Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм төлемли-контракт есабынан қәлиплестирилген қаржылар есабынан қаржыландырылады. Бунда:

9-класты питкерген питкериўшилерден қабыл етилген оқыўшылар толық Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан оқытылады;

улыўма орта мағлыўматлы талабанлар арасынан оқыўға қабыл етилген оқыўшылар төлемли контракт тийкарында оқытылады, нызамшылық ҳүжжетлеринде оқытыў Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын кәсип ҳәм қәнигеликлер буған кирмейди;

төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етилген оқыўшыларды оқытыўға тартылған оқытыўшылардың мийнетине ҳақы төлеў менен байланыслы қәрежетлер толық муғдарда төлемли-контракт қаржылары есабынан қапланады.

Ҳүжжет пенен:

2026-2030-жылларда профессионал билимлендириў системасын раўажландырыў бойынша "жол картасы";

Профессионал билимлендириўди раўажландырыў институты хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери бойынша жоқары билимлендириў ҳәм илимий шөлкемлердиң хызметкерлерине теңлестирилетуғын лаўазымлардың дизими;

Профессионал билимлендириўди материаллық-техникалық тәмийинлеў орайының жумысын шөлкемлестириў илажлары.

2030-жылға шекем техникумлардың жумысын тоқтатыў, оларға тийисли жер участкалары, имарат ҳәм объектлер және басқа да көшпес мүлк объектлерин меншиклестириўге мораторий енгизиледи.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 28.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».