Президенттиң 2025-жыл 10-декабрьдеги "Нақ пулсыз есап-санақларды ғалаба ен жайдырыў ҳәм жасырын экономиканың үлесин қысқартыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы ПП-246-санлы Пәрманына муўапық, сатыўшы ҳәм қарыйдар арасындағы есап-санақлардың механизмлерин белгилеў, сондай-ақ, мағлыўматлардың исенимлилигин ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде:
Көшпес мүлк ҳәм транспорт қуралларының алды-сатты шәртнамалары бойынша есап-санақларды әмелге асырыў ушын нотариуслар ҳәм банклер арасында мағлыўматларды электрон алмасыў тәртиби ҳаққындағы реже Әдиллик министрлиги тәрепинен дизимнен өткерилди. (№ 3790-санлы 16.03.2026-ж.).
2026-жыл 1-апрельден баслап көшпес мүлк объектлери, ислеп шығарылғанына 10 жылдан аспаған M, N, O ҳәм G категориясындағы транспорт қураллары ҳәм арнаўлы техникаларды сатып алыў шәртнамаларын тастыйықлаўда тәреплер арасында есап-санақлар әмелге асырылғаны нотариус ҳәм банклер арасында электрон мағлыўматлар алмасыў арқалы тастыйықланады.
Енди алыў-сатыў шәртнамасын нотариуслар банклер тәрепинен берилген есап-санақлар ҳаққындағы электрон мағлыўматлар тийкарында тастыйықлайды.
Алды-сатты шәртнамалары бойынша есап-китаплар төмендеги тәртипте әмелге асырылады:
Сатып алыўшы ямаса оның ўәкили банкке арза менен жазба ямаса электрон формада мүрәжат етеди;
Банк тәреплер тәрепинен келисилген нақ яки нақ емес формадағы пул қаржыларын эскроу есап бетине өткереди;
Егер шәртнама төлемди кешиктириў шәрти менен дүзилген болса, тийисли эскроу есап бетине тәреплер тәрепинен келисилген (дәслепки) сумма өткериледи;
Кредит қаржыларынан толық ямаса бир бөлеги пайдаланылған жағдайда кредит ажыратыўшы банк нотариусқа тийисли электрон хабарнама жибереди;
Сатып алыўшының банктеги есап бетлери (банк картасы, талап етиўге шекемги есап бети, электрон ҳәмиян) эскроу есап бети сыпатында қолланылыўы мүмкин;
Алды-сатты шәртнамасын рәсмийлестириў ушын тәреплер нотариусқа мүрәжат етеди;
Нотариус эскроу есап бетинде қаржылардың бар екенлигин электрон тәризде тексереди ҳәм шәртнаманы тастыйықлайды;
Пул қаржылары сатыўшының ямаса оның ўәкилиниң есап бетине өткериледи ямаса олардың сораўына муўапық, есап бетине киргизилгеннен кейин нақ пул формасында бериледи.