Төлемди онлайн системалар арқалы әмелге асырыў мүмкин болады, бул қолайлылық, ашық-айдынлық ҳәм қаржылардан пайдаланыўды қадағалаўды тәмийинлейди.
Онлайн төлем арқалы банкке бармаў, ўақытты үнемлеў, есап бети жағдайын бақлап барыў ҳәм электрон түрдеги квитанцияларды алыў имканияты жаратылады. Сондай-ақ, төлемлерди нызамсыз өндириў жағдайларының алды алынады ҳәм тараўдағы жасырын схемалар азаяды.
Сондай-ақ, қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлери ушын келип түскен төлемлер Тиккелей Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлигиниң арнаўлы есап бетине жибериледи.
Топланған қаржылар есабынан белгиленген тәртипте анық субъектлер (санитариялық-тазалаў кәрханалары, полигонлар, шығынды жағыў заводлары, экосанаат зоналары ҳәм басқалар) пайдасына Есапқа алыўдың бирден-бир системасы арқалы төлемлер әмелге асырылады, яғный:
қатты турмыслық шығындыларды полигонларға ямаса қайта жүклеў пунктлерине жеткерип бергени ушын - санитариялық-тазалаў кәрханаларына (тонна/километр есабынан келип шығып, айрықша тәртипте);
шығындыларды қабыллаў ҳәм утилизациялаў ушын - полигонларға, қайта жүклеў пунктлерине ҳәм шығындыларды жағыў заводларына (тоннаға есаплағанда);
экосанаат зоналарында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлерине - белгиленген тәртипте ҳәр бир тонна шығынды ушын.
Нәтийжеде қаржылардан мақсетли пайдаланыў тәмийинленеди, системада финанслық тәртип ҳәм қадағалаў күшейтиледи. Сондай-ақ, ҳәр ай жуўмағы бойынша санитариялық-тазалаў кәрханаларының жумысы тийкарғы нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) бойынша баҳаланады.
Баҳалаў нәтийжелерине бола санитариялық-тазалаў кәрханалары "қызыл", "сары" ҳәм "жасыл" категорияларға ажыратылады.
Бул категориялар төлемди есаплаўда есапқа алынады: "сары" ҳәм "қызыл" категориядағы кәрханаларға қарағанда, "жасыл" категориядағы кәрханаларға (жоқары нәтийжелилик көрсеткишлерине ийе) көбирек ҳақы төленеди. Есап-санақ KPI тийкарында әмелге асырылады.
Жаңа тәртип санитариялық-тазалаў хызметлериниң сапасын арттырыў, төлем тәртибин беккемлеў, сондай-ақ, мәмлекетте айланба экономика принциплерин раўажландырыўға қаратылған.









