Мағлыўмат ушын: Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги (Агентлик) Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги негизинде шөлкемлестирилди.

Пәрманға муўапық, 2026-жыл 1-январьдан баслап тәжирийбе тәризинде "Жаңа Өзбекстан көринисиндеги район (қала) " статусы берилген 33 район (қала) ҳәкимликлеринде төмендегилерди нәзерде тутатуғын нәтийжелилик тийкарында басқарыў системасы енгизиледи:

мәмлекетлик уйымлар жумысының мақсетли көрсеткишлери ҳәм индикаторлары оларға жүкленген ўазыйпалар тийкарында Агентлик тәрепинен қәлиплестириледи ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады;

Агентлик:

нәтийжелиликке тийкарланған басқарыў моделин ислеп шығады ҳәм оны енгизиўди методикалық жақтан муўапықластырады;

мақсетли көрсеткишлерге ерисилгенин «samaradorlik.gov.uz» электрон платформасы арқалы баҳалаўды шөлкемлестиреди;

тийисли ўазыйпаларды орынлаў ҳәм мақсетли көрсеткишлерге ерисиўде кадрлар потенциалын раўажландырыўға жәрдемлеседи;

мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларына таңлаўларға заманагөй қатнасларды, зәрүр жағдайларда қосымша басқышларды енгизеди.