Өзбекстанда медиация институты жетилистирилмекте: келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиўди раўажландырыў бойынша жаңа илажлар

    22 қазан 2025 444

    Өзбекстан Республикасының 20.10.2025-жылдағы Нызамы менен нызам ҳүжжетлерине келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиўде медиация институтын раўажландырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    Ҳүжжетте атап өтилгениндей, сырт ел инвесторларын тартыў бойынша келип шығатуғын келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў ямаса келисимге ерисиў ҳәм суд додалаўының ҳәр қандай басқышында келиспеўши тәреплер ушын мақул болған шешимди қабыл етиўди тәмийинлейтуғын механизмлерди ислеп шығыў айрықша әҳмийетке ийе.

    Нызамда келиспеўшиликлерди альтернатив шешиў механизмлеринен бири сыпатында медиативлик тәртип-қағыйданы қолланыў ҳәм медиативлик келисимлерди әмелге асырыўды хошаметлеўши нормалар белгиленбекте.

    Атап айтқанда, киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаларға бола, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери арасындағы келиспеўшиликлерди нәтийжели ҳәм оператив шешиўди тәмийинлеў, сондай-ақ, медиативлик тәртип-қағыйдаларды кеңнен қолланыўды хошаметлеў арқалы судларға жүклемени оптималластырыў нәзерде тутылмақта.

    Егер медиативлик келисим тәреплер тәрепинен ықтыярлы түрде орынланбаған болса, оны мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў қағазын бериў ҳаққындағы мәселе медиативлик келисимди дүзген тәрептиң арзасы бойынша көрип шығылады.

    Медиативлик келисимди мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў қағазын бериў төмендеги жағдайларда бийкар етиледи:

    • медиатив келисим нызам ҳүжжетлерине қайшы болса;
    • медиатив келисимниң орынланыўы керек болған шәртлери өзгертилсе ямаса бийкар етилсе;
    • медиативлик келисимде нәзерде тутылған миннетлемелер толық орынланған болса;
    • орынлаў қағазын бериў ҳаққындағы арза медиативлик келисимди ықтыярлы түрде орынлаў мүддети тамамланған күннен баслап алты ай өткеннен соң берилген болса, суд өткерилген мүддетти тийкарлы деп табып, оны тиклеген жағдайлар буған кирмейди.

    Медиатор тәрепинен медиция ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларының ҳәм медиатордың кәсиплик этикасы қағыйдаларының бузылыўы оған интизамий жуўапкершилик шараларының қолланылыўына себеп болады.

    "Нотариат ҳаққында"ғы нызам, Пуқаралық процессуал кодекси, Шаңарақ кодекси ҳәм басқа да ҳүжжетлерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 20.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates