Ҳүжжет пенен мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлерди тайынлаў ҳәм төлеў системасын жетилистириў илажлары тастыйықланды. Сондай-ақ, қыйын турмыслық жағдайға түсип қалған пуқараларды материаллық қоллап-қуўатлаў, социаллық тәмийнат системасының финанслық турақлылығын беккемлеў ҳәм рәсмий бәнтликти хошаметлеўге қаратылған.
2026-жыл 1-январьдан баслап пуқараларды мәжбүрий ҳәм ықтыярый тәризде қамтып алатуғын мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың жаңа системасы енгизиледи. Мәжбүрий қамсызландырыў шеңберинде қаржылар физикалық шахслардың дәрамат салығының бир бөлеги есабынан, ықтыярый түрде болса ең кем мийнет ҳақының 5 проценти муғдарында айлық қамсызландырыў төлеми есабынан қәлиплестириледи. Төлемлер Социаллық қорғаў миллий агентлиги жанында арнаўлы шөлкемлестирилген Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры арқалы қамсызландырыў стажы ҳәм төленген төлемлердиң муғдарына пропорционал түрде тайынланады ҳәм төленеди.
Қамсызландырылған шахслардың есабын жүргизиў, стажын дизимге алыў, напақаларды есаплаў ҳәм төлеў "Санлы ҳүкимет" платформасы арқалы келип түсип атырған мағлыўматлар тийкарында бирден-бир санлы мәлимлеме системасында әмелге асырылады. Санлы системаға өтиў болса ашық-айдынлық, өз ўақтында төлеў ҳәм нәтийжели қадағалаўды тәмийинлейди.
2026-жыл 1-январьдан баслап ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы проактив түрде, сол жылдың 1-июльинен баслап болса ўақытша мийнетке жарамсызлық напақасы тайынланады ҳәм төленеди. 2030-жылдан пуқаралардың мүрәжатлары тийкарында тайынланатуғын жумыстан босаў напақасын енгизиў режелестирилмекте. Онда, жаңа қамсызландырыў стажын есаплаўда бюджеттен тысқары Пенсия қорына 2026-жылға шекем төленген қамсызландырыў төлемлериниң барлық дәўирлери есапқа алынады.
Реформаны әмелге асырыў ушын республикалық бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын Атқарыў дирекциясы болған мәмлекетлик мәкеме түриндеги Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры шөлкемлестириледи. Фонд қамсызландырыўшылар ҳәм қамсызландырылған шахсларды есапқа алыў, төлем ҳәм үлеслерди есаплаў, барлық процесслердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеўге жуўапкер болады.
Пәрманның орынланыўына жуўапкер уйымлар етип Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, сондай-ақ, пуқаралардың дәраматлары ҳаққындағы мағлыўматлардың берилиўин тәмийинлейтуғын Салық комитети белгиленди. Экономика ҳәм қаржы министрлигине ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджетте Социаллық қамсызландырыў қорын қәлиплестириў ушын қаржыларды нәзерде тутыў ўазыйпасы қойылды.
2026-жылдың ақырына шекем қамсызландырылған пуқаралар реал ўақыт режиминде өзиниң қамсызландырыў стажы ҳәм төлеген төлемлерин бақлап барыў имканиятына ийе болады. Бул системаға исеним ҳәм оның жумысының ашық-айдынлығын арттырыў имканиятын береди.
Көрилген илажлар пуқараларды әдил ҳәм ашық-айдын қоллап-қуўатлаўды тәмийинлейтуғын мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың заманагөй ҳәм турақлы системасын жаратыў, халықтың социаллық қорғалыўын арттырыў, социаллық-мийнет қатнасықларында "үлес - нәтийже" принципин раўажландырыўға қаратылған.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 05.11.2025-жылдан күшке кирген, деп жазады «Norma».









