Соңғы жыллары мәмлекетимизде қамсызландырыў хызметлери базарын буннан былай да раўажландырыў, санлы хызметлер арқалы төлемлерди кеңейтиў ҳәм төлем ҳүжжетлерин сапалы және қәўипсиз қайта ислеў менен байланыслы финанслық технологияларды енгизиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, қамсызландырыў тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң қабыл етилиўи усы тараўдағы қағыйдалардың бирдей қолланылыўын тәмийинлеў мақсетинде әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң нормальарын муўапықластырыў зәрүрлигин талап етеди.
Буннан тысқары, электрон коммерция тараўы субъектлериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, бул тараўда тәртипке салыўды күшейтиў, пуқаралар ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў мақсетинде нәтийжели мәмлекетлик қадағалаўды тәмийинлеў зәрүрлиги артпақта.
Сенаторлардың атап өткениндей, усы Нызам менен әмелдеги нызам ҳүжжетлерине қамсызландырыў хызметлерин тутыныўшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, сондай-ақ, қамсызландырыў базарының басқа да профессионал қатнасыўшыларының жумысын тәртипке салыў мақсетинде ўәкилликли мәмлекетлик уйымның қадағалаў функцияларын кеңейтиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сондай-ақ, нызам менен электрон коммерция операторлары тәрепинен жумысын баслаў ямаса тоқтатыў ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик уйымды хабардар етиў тәртиби енгизилмекте, усы жумысты баслаў ямаса тоқтатыў ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик уйымды хабардар етпегенлик ушын жуўапкершилик белгиленбекте.
Сенаторлар өзиниң шығып сөйлеген сөзлеринде Нызам менен қамсызландырыў хызметлери базарын буннан былай да раўажландырыў арқалы қамсызландырыў базарының профессионал қатнасыўшылары ҳәм қамсызландырыў хызметлериниң тутыныўшылары ушын қолайлы шараятлар жаратылып атырғаны, сондай-ақ, электрон коммерция тараўы жетилистирилип атырғаны, операторлар жумысының нәтийжели қадағаланыўы ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўы тәмийинленип атырғанын атап өтти.
Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.