Өзбекстанда баспа жумысының ҳуқықый тийкарлары жетилистирилмекте

    4 қыркүйек 2025 1687

    Кейинги жыллары елимизде баспа жумысы тараўын жетилистириў, сапалы әдебиятларды басып шығарыўды қоллап-қуўатлаў, китапқумарлық мәдениятын ғалаба ен жайдырыўға қаратылған избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

    Сенаттың оныншы жалпы мәжилисинде сенаторлар тәрепинен додаланған "Баспа жумысы ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам бул реформалардың логикалық даўамы болып есапланады.

    Кейинги 4 жылда елимизде баспалардың саны 3,5 есеге көбейип, 590 ға жетти, соннан 90 проценти (531 и) жеке меншик басылымлар болып есапланады.

    Бүгинги күнде баспалардың өндирислик қуўатлылығы 2 есеге артты. Ҳәр жылы 11 мың атамадағы әдебиятлар орташа 40 миллион нусқада басып шығарылмақта.

    Тараўды раўажландырыў мақсетинде 25 миллион доллар тиккелей инвестиция киргизилген. Сондай-ақ, 2025-жыл 1-январьдан баслап баспа кәрханалары 5 жыл мүддетке пайда салығын төлеўден азат етилди.

    Соның менен бирге, тараўдағы жаңа жәмийетлик қатнасықлар, сондай-ақ, өткерилген үйрениўлердиң нәтийжелери "Баспа жумысы ҳаққында"ғы нызамның айырым нормаларын жетилистириў зәрүрлигин көрсетпекте.

    Кейинги ўақытларда басып шығарылған китапларда балалардың жас өзгешеликлерине сәйкес келмейтуғын ҳәм олардың санасына унамсыз тәсир көрсететуғын мағлыўматлар сәўлелендирилгени, айырымлары болса әмелдеги мәмлекетлик стандартлар талапларына жуўап бермейтуғыны, оларда тарийхый фактлер надурыс берилгени, анық емес ҳәм илимий дәлилленбеген мағлыўматлар баян етилгени анықланды.

    Нызамда "Баспа жумысы ҳаққында"ғы нызамға басылым бас редакторының ҳуқықый статусын беккемлеў, китапқумарлық мәдениятын хошаметлеўге қаратылған өзгерислер киргизиў нәзерде тутылмақта.

    Нызамда бас редактор баспа редакциясының дөретиўшилик жумысына басшылық ететуғыны, баспа тематикалық режелерин ислеп шығыў ҳәм баспа жумысы тараўындағы нызам ҳүжжетлери талапларына, техникалық регламентлерге (миллий стандартларға) муўапық басылымларды таярлаў ушын жуўапкер екенлиги белгиленбекте.

    Буннан былай бас редактор лаўазымына жоқары мағлыўматқа ҳәм баспаларда кеминде үш жыл мийнет стажына ийе шахс тайынланады. Бас редактор шөлкемниң шөлкемлестириўшиси (шөлкемлестириўшилери) ямаса басшысы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи. Буннан тысқары, баспа басылымларын шығарыў ҳаққындағы қарарды бас редактор қабыл ететуғыны, ол баспа дөретиўшилик жумысы ушын жуўапкер болатуғынын нәзерде тутатуғын нормалар беккемленбекте.

    Сондай-ақ, нызамда китапқумарлықты хошаметлеў оқыў мәдениятын ғалаба ен жайдырыў ҳәм арттырыў принципи сыпатында белгиленбекте.

    Сенаторлардың пикиринше, бул нызам китапларды миллий стандартлар тийкарында басып шығарыў, китапларда нызамшылыққа ҳәм жәмийетлик әдеп-икрамлылыққа қайшы болған мәлимлемениң тарқалыўының алдын алыў, сондай-ақ, жәмийетте китапқумарлық мәдениятын, басып шығарыўшылардың социаллық жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.

    Сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates