Пәрманға муўапық, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитети Өзбекстан Республикасы Туризм комитети етип қайта шөлкемлестирилмекте.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги Министрлер Кабинети системасынан шығарылып, оның тийкарында әмелдеги штат бирликлерин сақлап қалған ҳалда Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети шөлкемлестирилмекте.
Президент Администрациясының шөлкемлестириў структурасында Өзбекстан Республикасы Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйиниң бөлими шөлкемлестириледи.
Экология комитети төмендеги миллий жойбарларды әмелге асырыўға жуўапкер болады:
- шығындыларды қайта ислеў ҳәм басқарыў системасын жетилистириўге қаратылған "Шығындысыз аймақ" миллий жойбары;
- атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаўға қаратылған "Таза ҳаўа" миллий жойбары;
- Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында 2028-жылға шекем улыўма майданы 100 гектардан кем болмаған ботаника ҳәм дендрология бағларын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын "Жасыл мәкан" миллий жойбары;
- халықтың экологиялық мәдениятын қәлиплестириўге ҳәм экологиялық турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған "Эко-мәденият" миллий жойбары;
- келешек әўладлар ушын биологиялық көп түрлиликти сақлаўға қаратылған "Био мийрас" миллий жойбары.









