Ҳүжжеттиң тийкарғы мақсети кәсиплик билимлендириў системасында басқарыўды жетилистириў арқалы кәсипке оқытыў сапасын жақсылаў, алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў ҳәм бирден-бир көзқарас тийкарында халықаралық стандартларға сәйкес жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаўдан ибарат.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанында техникумлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм кәсип-өнер билимлендириўи тараўын басқарыўға жуўапкер Кәсип-өнер билимлендириўи агентлиги шөлкемлестирилди.
Агентлик профессионал билимлендириў бағдарламаларына, олар бойынша берилетуғын маманлық дәрежелерине, оқытыўдың ең аз мүддетлерине, питкериўшилердиң билимин баҳалаў нормальарына, сондай-ақ, мүлк түрине қарамастан, барлық профессионал билимлендириў шөлкемлери ушын мәжбүрий болған оқыў-методикалық тәмийнатқа талапларды белгилейди.
Техникум ҳәм оқыў курсларының питкериўшилерине Агентлик тәрепинен мәмлекетлик үлгидеги ҳүжжет (диплом, сертификат) бериледи.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен "ваучер" системасы менен қамтып алынбаған шахсларды кәсипке оқытыў бойынша буйыртпалар бериледи. Онда пуқараларды "ваучер" системасы ҳәм буйыртпалар тийкарында оқытыў менен байланыслы қәрежетлер Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры есабынан қаржыландырылады.
Миграция агентлиги тәрепинен сырт елли жумыс бериўшилердиң жумысшы күшине болған талабынан келип шығып кәсип ҳәм қәнигеликлерге, шет тиллерине оқытыў бойынша буйыртпалар бериледи. Онда, техникумларды оқытыў ҳәм материаллық-техникалық базасын жетилистириў ушын зәрүр қаржылар Миграция қоры есабынан қаржыландырылады.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге кәсип-өнерге оқытыў бойынша буйыртпаларды тиккелей мәмлекетлик техникумларға жайластырыў ҳәм қаржыландырыўға рухсат бериледи.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң басшылығында кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў бойынша аймақлық исбилерменлер кеңеслери шөлкемлестириледи.
Кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары:
аймақтың орта буўын кадрларына болған талабын анықлаў, халықаралық билимлендириў бағдарламаларын, оқыўшылардың әмелиятын ҳәм дуал билимлендириўди шөлкемлестириў;
питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў, техникумлардың бағдарын өзгертиў ҳәм билимлендириў бағдарламаларының мазмунын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў.
Ҳүжжет пенен:
Профессионал билимлендириў агентлигиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм шөлкемлестириў структурасы;
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги системасынан Профессионал билимлендириў агентлиги системасына өткерилетуғын структуралардың дизими;
Профессионал билимлендириў агентлиги системасына өткериў арқалы қайта шөлкемлестирилетуғын техникумлар дизими;
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги системасында шөлкемлестирилетуғын маманлықты баҳалаў орайларының дизими ҳәм басқалар.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 28.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».