Пәрманға муўапық, 2026-жыл 1-апрельден баслап экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын юридикалық тәреплерге финанслық санкциялар қолланыў тәртиби енгизиледи, бунда:

финанслық санкциялар тек ғана юридикалық шахсларға пул қаржыларын (жариймаларды) өндириў түринде қолланылады.

бирдей ҳуқықбузарлық ушын финанслық санкциялар қолланылған юридикалық шахслардың хызметкерлерине ҳәкимшилик жаза қолланылыўына жол қойылмайды.

қайта ҳуқықбузарлыққа жол қоймаў ҳаққында ескертиў алыныўы ҳәм жәрийма төлениўи нызамшылық бузылыўына жол қойған шахсты Экология комитетиниң қарарын (тапсырмасын, көрсетпесин) орынлаў миннетинен азат етпейди.

Сондай-ақ, Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети негизинде Мәмлекетлик экологиялық қадағалаў инспекциясы (Экополиция) шөлкемлестирилмекте.

Экологиялық полиция Экология комитетиниң экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм экологиялық ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў тараўында ҳуқық қорғаў характерине ийе айрықша функцияларды орынлайтуғын арнаўлы бөлими есапланады.

Пәрманға муўапық, Экология комитетиниң баслығы бир ўақыттың өзинде Экологиялық полицияның баслығы есапланады. Экополиция баслығының орынбасары бир ўақыттың өзинде Комитет баслығының орынбасары лаўазымын ийелейди ҳәм Экополиция оператив штабына басшылық етеди.

Экополицияларға ҳәкимшилик-аймақлық шегараларды есапқа алмаған ҳалда, тәбийғый экологиялық зоналар шеңберинде өз аймақлық бөлимлерин қәлиплестириўге рухсат берилген.

Экополиция хызметкерлерине физикалық күш, арнаўлы қураллар (соның ишинде, электрошок қураллары) ҳәм хызмет қуралларын (резина оқлар, торлар менен оқ атыў қураллары) қолланыў ҳуқықы бериледи. Хызметкерлердиң форма кийимлерине боди-видео камералар орнатылады.

Нызам ҳүжжетлерине тийисли өзгерислер киргизилгенге шекем Экополиция хызметкерлери тәрепинен физикалық күш, арнаўлы қураллар ҳәм хызмет қуралын қолланыў тәртиби "Ишки ислер уйымлары ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы менен тәртипке салынады.