Екинши басқышта мәҳәлле ўәкиллери халықты үйме-үй жүрип, планшетли үскенелер арқалы мағлыўматларды электрон системаға киргизеди.

Бул басқышты өткериў зәрүрлиги пуқаралардың бир бөлеги онлайн дизимнен өтиўде қатнаспағаны ямаса анкетаны толтырыўда қәтеликлерге жол қойғаны менен байланыслы.

Халықты дизимге алыў жумысларына 55 мыңнан аслам арнаўлы оқытылған хызметкерлер тартылған. Ҳәр бир мәҳәлле ўәкили өзиниң шахсын ҳәм ҳүжжетлериниң ҳақыйқый екенлигин тексериў имканиятын беретуғын QR кодлы хызмет белгиси менен бирге болады.

Пуқараларда сораўлар пайда болғанда Салл-орайының 1851 қысқа номери арқалы мүрәжат етиўи мүмкин.

Барлық жеке мағлыўматлар исенимли қорғалғаны ҳәм тек ғана статистикалық мақсетлерде пайдаланылатуғыны атап өтилди.