Пәрманға бола, судьяларды гезектеги 10 жыллық мүддетке тайынлаў (сайлаў) тәртиби бийкар етиледи.
Судя лаўазымларына талабанларды дәслеп 5 жыллық мүддетке, кейин ала мүддетсиз мүддетке тайынлаў (сайлаў) тәртиби белгиленбекте.
Районлараралық, районлық ҳәм қалалық судлардың баслықлары ҳәм баслық орынбасарлары лаўазымларына талабанларды судьялардың арасынан ашық таңлаў тийкарында анық нормалар тийкарында таңлап алыў тәртиби енгизиледи.
Судьялардың кәсиплик жумысын баҳалаўда "ҳадаллық", "компетентлилик", "судьялардың әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи" сыяқлы талаплардың анық нормалары нызам дәрежесинде белгилеп бериледи.
Сондай-ақ, Судьялар жоқары кеңесиниң турақлы жумыс алып барыўшы судьялары лаўазымларына талабанлар тийисли суд судьяларының квалификациялық коллегиялары тәрепинен усыныс етиледи.
Онда, Кеңестиң жумысын турақлы түрде әмелге асыратуғын судьялары лаўазымларына, әдетте, судья сыпатында кеминде 7 жыл ислеген судьялардың кандидатуралары усынылыўы мүмкин.








