Пәрманға муўапық, республиканың барлық аймақларында аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары Президенттиң 2025-жыл 3-февральдағы ПП-18-санлы Пәрманында белгиленген тәртипте сатылады, бунда:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлериниң усыныслары тийкарында тек ғана санаат плантацияларын шөлкемлестириў ҳәм шарўашылық ушын 50 гектардан 500 гектарға шекемги болған майданларды аукцион саўдаларына шығарыўға рухсат берилетуғын пайдаланыў түрин анықлаған ҳалда жол қойылады;

аукционға қойылатуғын участкалардың басланғыш баҳасы олардың нормативлик баҳасының 50 проценти муғдарында белгиленеди. Ҳәр бир қайта саўдаларда сатылмаған лот баҳасы басланғыш баҳасының 10 проценти муғдарына шекем басқышпа-басқыш төменлетип барылады (бирақ аукционға шығарылған участканың қәрежетлеринен кем болмаған муғдарда);

биринши аукцион саўдалары хабарнама жәрияланған күннен баслап он бес күнлик мүддетте, екинши аукцион саўдалары болса бир күнлик мүддетте өткериледи.

Жайлаў, пишензарлық ҳәм суўғарылмайтуғын жерлерди аукционға шығарыўда лоттың басланғыш баҳасы жер участкасы норматив баҳасының 1 проценти ҳәм аукционға шығарыў, жер дүзиў жойбарын ислеп шығыў, техникалық-экономикалық тийкарлаў ҳәм ижара ҳуқықын мәмлекетлик дизимнен өткериў қәрежетлери муғдарында белгиленеди.