Емлеўге қарсы көрсетпелери болған пуқаралар ушын шыпакерлердиң қадағалаўы астында химиялық профилактика илажлары өткериледи.

2026-жылдың биринши шерегинде елимизде 174 адамда менингококк инфекциясы анықланған болып, соннан 168 и 14 жасқа шекемги балаларға туўра келген. Соның менен бирге, апрель айында наўқасланыўдың март айына салыстырғанда 14 процентке азайыўы бақланды.

Менингит - бас мий ҳәм арқа мий қабықларының исиниў кеселлиги болып, көбинесе бактерия ямаса вируслар тәсиринде келип шығады. Кеселлик тез раўажланыўы ҳәм мүмкин болған аўыр ақыбетлери менен қәўипли.

Профилактиканың тийкарғы шаралары сыпатында қәнигелер төмендегилерди усыныс етеди:

вакцинацияны өз ўақтында алыў;

жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиў;

биринши белгилер пайда болғанда шыпакерге мүрәжат етиў;

жәмийетлик орынларда сақлық илажларына әмел етиў.

Ҳаж ҳәм умра сапарына барыўды режелестирген пуқараларға айрықша итибар қаратылып, оларға менингоккок инфекциясына қарсы шаншылыў, қайтып келгеннен кейин ғалабалық илажларда қатнасыўды ўақтынша шеклеў усыныс етилмекте.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, менингококк инфекциясынан қорғаныўдың ең нәтийжели жолы вакцинация болып қалмақта.

Санитариялық-эпидемиологиялық комитетиниң мәлим етиўинше, елимизде эпидемиологиялық жағдайды турақлы услап турыў ушын барлық зәрүр илажлар көрилмекте. Пуқаралар мәлимлемени тек ғана рәсмий ҳәм исенимли дәреклерден алыўға шақырылмақта.