Ҳүжжет банклер қарыйдарларының ҳуқықлары менен мәплериниң қорғалыўын күшейтиўге қаратылған ҳәм бир қатар жаңа талапларды белгилейди.

Енди кредит бериўде банклер кредит алыў менен байланыслы болыўы мүмкин болған қәўип-қәтерлер дизими көрсетилген чек-листти клиентке усыныўы шәрт.

Банк аманаты (депозит) шәртнамасы ямаса банк есап бети шәртнамасын дүзиўде банклер клиентлерди аманатларды кепилликлеў системасы ҳаққындағы мағлыўматлар менен таныстырыўы шәрт.

Буннан тысқары, банклерде қыйын турмыслық ямаса финанслық жағдайға түсип қалған пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыў системасы жолға қойылыўы керек. Бул ҳаққындағы мағлыўматлар банклердиң рәсмий веб-сайтларында жайластырылыўы керек.

Сондай-ақ, ҳүжжетте кредитлерди қайта қурыў - төлем мүддетлерин созыў, процент ставкаларын қайта көрип шығыў, соның ишинде, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў бойынша дем алыста болған ҳаял-қызлар ушын төлемлерди 10 айға шекем кешиктириў имканияты нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, төмендеги қадаған етиўлер белгиленбекте:

кредитлер бойынша қарыздарлықты социаллық напақалар ҳәм төлемлер, соның ишинде, социаллық карталарға түсетуғын қаржылар есабынан өндириў қадаған етиледи;

кредитти онлайн рәсмийлестириўде клиенттиң разылығын (✅) алдыннан белгилеп қойыў ямаса кредит параметрлерин автоматикалық түрде белгилеў қадаған етиледи.

Қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап үш ай өткеннен соң күшке киреди.