"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 23-24-декабрь күнлери республика бойынша жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Ташкент ўәлаятында ҳәм Ферғана ойпаты аймақларында 23-декабрь күни түнде ҳәм азанда айырым жерлерде аз муғдарда қар жаўыўы мүмкин.
25-26-декабрь күнлери Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында ўақты-ўақты менен жаўын-шашын, тийкарынан қар жаўыўы күтиледи. 26-декабрь күни Ташкент ўәлаятының айырым жерлеринде жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Усы күнлери мәмлекетимиздиң қалған аймақларында жаўын-шашын болыўы болжанбайды.
Ҳаўаның температурасы: түнде -3гр суўықтан -2гр жыллыға шекем; күндиз 22-декабрьде 0-5гр жыллы; 23-25-декабрь күнлери - әсте-ақырын 5-10° жыллыға шекем көтериледи; 26-декабрьде 2-7° жыллы.
Самалдың бағыты шығыстан күшсизден орташаға шекем. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. 22-23-декабрь күнлери жолларда айырым жерлерде музғалақ болыўы күтиледи.
Таўлы аймақларда айырым жерлерде қар жаўып, қар көшиў қәўпи сақланады.
Ташкент қаласында ҳаўа-райы 22-25-декабрь күнлери пайтахтымызда тийкарынан жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы күтиледи, тек ғана 23-декабрь күни түнде бираз қар жаўыўы мүмкин. Түнги ҳәм азанғы ўақытлары айырым жерлерге думан түседи. Самалдың бағыты шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. 22-23-декабрь күнлери жолларда айырым орынларда музғалақ болады.
Ҳаўаныӊ температурасы: түнде -1° суўықтан -2° жыллыға шекем; күндиз 22-декабрьде - 2-4° жыллы; 23-25-декабрь күнлери - 7-9 дәреже жыллыға шекем әсте-ақырын көтериледи.
26-декабрь күни ўақты-ўақты менен жаўын-шашын, тийкарынан жаўын жаўады, күндизги температура бираз пәсейеди.








