Бул ҳүжжет пенен қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, сондай-ақ, Институт магистратурасында ҳәм клиникалық ординатурасында төлемли-контракт тийкарында оқытыўды шөлкемлестириў тәртиби белгиленбекте.

Оған муўапық, тыңлаўшыларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў өндиристен ажыратылған ҳәм ажыратылмаған ҳалда әмелге асырылады.

Тыңлаўшыларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў оқыў режелери ҳәм оқыў бағдарламалары тийкарында шөлкемлестириледи.

Курслар буйыртпашы тәрепинен Институт пенен келисилген ҳалда дүзилетуғын реже-бөлистириўлер тийкарында шөлкемлестириледи.

Тыңлаўшылар Институт пенен шәртнамаға муўапық төлемли тийкарда қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларында оқыйды.

Сынақ имтиханлары аралық ҳәм жуўмақлаўшы қадағалаў түрлеринен ибарат болып, тест сынақлары түринде өткериледи.

Билимлердиң тыңлаўшылар тәрепинен өзлестирилиўи 100 баллық система тийкарында баҳаланады.

Қайта таярлаў ямаса қәнигелигин арттырыў курсын табыслы тамамлаған тыңлаўшыға Институт тәрепинен сертификат бериледи.