Жойбарға бола, қәўипсизлик ременин тақпаў ушын рухсат 17 кеселлик ямаса жағдайдан бири болса бериледи, соның ишинде:

омыраў сүйеги ҳәм төс сүйеги сыныўы;

ийин белбеўиниң сыныўы;

қабырғалардың сыныўы;

омыртқаның компрессиялық сыныўы;

өкпениң созылмалы обструктив кеселлиги (IV басқыш);

броньхиал астма (IV басқыш);

өкпениң интерстициал зыянланыўы;

өкпениң бир бөлегин ямаса пүтин өкпени (шеп ямаса оң) алып таслаў;

 III басқыш ямаса декомпенсация басқышындағы созылмалы жүрек жетиспеўшилиги;

III дәрежели семизлик (морбид, дене салмағы индекси ≥ 40);

пәс бой (нанизм) - 150 см ден төмен;

қол ямаса ийин ҳәрекетлерин шеклейтуғын неврологиялық кеселликлер;

көкирек бөлиминдеги аллергиялық ҳәм дерматологиялық кеселликлердиң аўыр түрлери (экзема, псориаз);

көкирек ямаса ийин аймағында протез ямаса имплантлардың болыўы;

көкирек қуўыслығында ямаса қарын бослығында өткерилген ашық операциялар;

стоманың (жасалма шығыў) бар екенлиги;

көкирек қуўыслығы аймағындағы ири өспелер;

ҳәмиледарлық

Ҳүжжет еле күшке кирген жоқ.

Усы кеселликлердиң бар екенлигин тастыйықлайтуғын медициналық мағлыўматнамалар "Электрон денсаўлықты сақлаў" мәлимлеме системасы арқалы электрон тәризде QR-код (штрих-код) қойылған ҳалда бериледи. Олар пуқара бириктирилген басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелери тәрепинен бериледи.

Мағлыўматнаманың әмел етиў мүддети - алты ай.