Өзбекстанда "Тәртипке салыў қум қутысы" режими шеңберинде ипотека облигациялары айланысының тәртиби тастыйықланды

    14 қараша 2025 318

    "Ипотека облигацияларын шығарыў тараўында "Тәртипке салыў қум қутысы" арнаўлы ҳуқықый режими шеңберинде ипотека облигацияларын шығарыў ҳәм олардың айланысы ҳаққында"ғы Ўақытша реже Әдиллик министрлигинен дизимнен өткерилди (дизимнен өткериў № 3700, 11.11.2025-жыл).

    Режеге муўапық, "Баҳалы қағазлардың орайлық депозитарийси" АЖ төлем агенти сыпатында қатнасып, ипотека облигациялары бойынша процентлерди төлеў ҳәм олардың номинал баҳасын қайтарыў усы агент арқалы әмелге асырылады.

    Ипотека тәмийнатының қурамына киргизилетуғын ипотека кредитлери төмендеги шәртлерге муўапық болыўы керек, атап айтқанда:

    • Кредиттиң гиреўге қатнасы көрсеткиши кеминде 75 процент болыўы керек;
    • Ипотека кредитин алыўшының қарыз жүги көрсеткиши 70 проценттен артпаўы керек;
    • Ипотека кредити берилген күннен баслап 6 айдан көп ўақыт өткен болыўы керек.

    Бул кредитлер бойынша төмендеги ҳүжжетлер усынылыўы керек:

    • Ипотека ҳәм кредит шәртнамалары;
    • Төлемлер графиги;
    • Қамсызландырыў полиси;
    • Ипотека бериўшиниң ипотека затына болған мүлк ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжет;
    • Ипотека шәртнамасын дизимнен өткериў ҳаққында мәмлекетлик реестрден көширме.

    Ипотека облигациялары бойынша процентлерди төлеў ҳәм олардың номинал баҳасын төлеў ипотека агентиниң тәрепинен тек ғана Орайлық депозитарий арқалы әмелге асырылады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates