Өзбекстанда ысытыў мәўсиминде тәбийғый газден пайдаланыўдың базалық нормасы 5 есеге арттырылып, 500 куб метрге шекем жеткериледи

    Социаллық турмыс 31 қазан 2025 595

    Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарына муўапық, ноябрь-февраль айлары ушын тәбийғый газден пайдаланыўдың базалық нормасы айына 500 куб метр етип белгиленген. Қалған айларда (марттан октябрьге шекем) базалық норма айына 100 кубометрди қурайды.

    Гүз-қыс мәўсиминде газден пайдаланыў көбейгенлиги себепли октябрь-февраль айларында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты ушын да базалық айлық норма 500 куб метр етип белгиленди.

    Буннан тысқары, Президент қарарларына муўапық, жәрдемге мүтәж шаңарақларға базалық нормадан артық пайдаланылған электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын төмендеги муғдарларда ҳәр айлық компенсация төлеп бериледи:

    электр энергиясы ушын - 150 кВт саатқа шекем, 200 кВт сааттан артық;

    тәбийғый газ ушын - қыс айларында 250 куб метрге шекем, басқа айларда 150 куб метрге шекем.

    Бурын компенсация тек қыс мәўсиминде берилген болса, енди айма-ай, жыл даўамында төленбекте.

    Сондай-ақ, 2025-жыл ноябрь айында 2025/2026-жылғы жылытыў мәўсимине таярлық көриў шеңберинде ҳәр бир жәрдемге мүтәж шаңараққа 1 миллион сумнан бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи.

    Ҳаўа-райы шараятына байланыслы Энергетика министрлиги Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда көрсетилген базалық нормалардың әмел етиў мүддетлерине өзгерислер киргизиўи мүмкин.

    Энергетиклердиң атап өтиўинше, энергия үнемлейтуғын газ үскенелеринен пайдаланыў ҳәм ысытыў системаларының ыссылық изоляциясы тәбийғый газди үнемлеў ҳәм халықтың қәрежетлерин азайтыўға хызмет етеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates