Реже азық-аўқат ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң ислеп шығарылыўы ҳәм айланысын қадағалаў бойынша автоматластырылған қәўип-қәтерди анализлеў системасын енгизиў тәртибин белгилейди.

Реже талаплары төмендегилерге қолланылады:

азық-аўқат ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм реализациялаў менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлери;

азық-аўқат ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин экспорт ҳәм импорт етиў, ислеп шығарыў, қайта ислеў, сақлаў, тасыў ҳәм реализациялаў басқышлары.

Тәўекелшилик дәрежесин таллаў процесинде исбилерменлик субъектине байланыслы жумысты тоқтатып турыў ямаса оған тосқынлық етиў қадаған етиледи.

Қәўиплилик дәрежесине қарап исбилерменлик субъектлери үш категорияға бөлинеди:

ҳуқықбузарлық ислеў қәўпи жоқары болған исбилерменлик субъекти;

ҳуқықбузарлық ислеў қәўпи орташа болған исбилерменлик субъекти;

ҳуқықбузарлық ислеў қәўпи төмен болған исбилерменлик субъекти.

Тәўекелшилик дәрежеси жоқары болмаған исбилерменлик субъектлерине анықланған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм оларға кейин ала жол қоймаў ҳаққында жеке кабинети арқалы жазба түрде хабарнама (ескертпе) жибериледи.