2025-жыл 1-ноябрьден баслап "мақсет - ҳәрекет - нәтийже" шынжыры тийкарында стратегиялық әҳмийетке ийе ҳүжжетлерди ислеп шығыў, әмелге асырыў, мониторинг етиў ҳәм баҳалаўды өз ишине алатуғын стратегиялық режелестириў ҳәм раўажландырыў системасы енгизиледи.
Ўазыйпалар:
стратегиялық режелестириў ҳәм раўажландырыў ҳүжжетлериниң бирден-бир иерархиясын ҳәм өз-ара муўапықлығын тәмийинлеў;
министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының стратегиялық режелестириў ҳәм раўажландырыў тараўындағы бирге ислесиў тәртибин, ўәкилликлерин, функционал ўазыйпаларын ҳәм жуўапкершилик шегараларын белгилеў;
терең илимий изертлеўлер, сондай-ақ, тенденциялар ҳәм болжаўларды қалыс таллаў тийкарында мәмлекетлик сиясаттың стратегиялық тийкарғы бағдарларын қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў;
анық, ашық-айдын ҳәм өлшенетуғын көрсеткишлерге тийкарланған стратегиялық мақсетлерге ерисиў нәтийжелилигин мониторинг етиў ҳәм баҳалаў системасын енгизиў;
тараў, тармақ ҳәм аймақларды раўажландырыў ушын жаңа көзқарасларды енгизиў, жумысларды заманагөй форматлар ҳәм инновациялық усыллар тийкарында шөлкемлестириў;
стратегиялық таллаў ҳәм режелестириў тараўында жоқары маманлықтағы кадрлардың жаңа әўладын таярлаўдың интеграцияласқан системасын жаратыў.
Стратегиялық режелестириў ҳүжжетлери иерархиясы.
Биринши дәрежели стратегиялық режелестириў ҳүжжетлери концепция көринисинде қабыл етиледи, 7 жылдан артық мүддетке ислеп шығылады ҳәм әдетте, нызамлар менен тастыйықланады.
Екинши дәрежели стратегиялық режелестириў ҳүжжетлери стратегия түринде қабыл етиледи, 4 жылдан 7 жылға шекемги мүддетке ислеп шығылады ҳәм Президент ҳүжжетлери менен тастыйықланады.
Үшинши дәрежели стратегиялық режелестириў ҳүжжетлери бағдарламалар ("жол карталары," илажлар режелери) көринисинде қабыл етиледи, 1 жылдан 3 жылға шекемги мүддетке ислеп шығылады ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарлары менен тастыйықланады.
Стратегиялық режелестириў ҳәм раўажландырыў системасын енгизиўге қаратылған биринши гезектеги илажларды әмелге асырыў бойынша "Жол картасы" тастыйықланды.
Стратегиялық режелестириў ҳәм раўажландырыў системасын муўапықластырыў.
Аналитикалық ҳәм изертлеў структураларының жумысын шөлкемлестириў бойынша муўапықластырыўшы кеңес Президент жанындағы Стратегиялық режелестириў ҳәм раўажланыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес, Стратегиялық реформалар агентлиги Президент жанындағы Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги етип қайта шөлкемлестирилмекте.
Муўапықластырыў кеңесине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленди:
әҳмийетли машқалаларды таллаў, мәмлекетти стратегиялық раўажландырыў бойынша идеяларды ҳәм басламаларды қәлиплестириў;
стратегиялық басламаларды "Өзбекстан - 2030" стратегиясы, концепция, стратегия ҳәм бағдарламаларға муўапықлығын тәмийинлеў көзқарасынан ислеп шығыў ҳәм экспертизадан өткериўди муўапықластырыў;
концепциялар, стратегиялар ҳәм бағдарламаларды ("жол карталары", илажлар режелери) "Өзбекстан - 2030" стратегиясы мақсетлери менен өз-ара байланыслылығын ҳәм үйлесимлилигин тәмийинлеў, сондай-ақ, олардың әмелге асырылыў нәтийжелилигин мониторинг етиў ҳәм баҳалаў;
жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың ҳәр қыйлы тараўлары кесиминде мәмлекетти раўажландырыўды узақ мүддетли режелестириў бойынша жумысларды шөлкемлестириў.
Муўапықластырыўшы кеңес стратегиялық режелестириў ҳәм раўажландырыў тараўында уйымлараралық коллегиал уйым есапланады.
Агентлик Стратегиялық режелестириў ҳәм раўажландырыў системасын шөлкемлестириўди тәртипке салыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым, сондай-ақ, Муўапықластырыўшы кеңестиң жумысшы уйымы есапланады.
Президент жанындағы Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институтына төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленди:
стратегиялық режелестириў ҳәм раўажландырыўдың илимий-методикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый тийкарларын ислеп шығыў ҳәм жетилистириў;
илимий ҳәм аналитикалық изертлеўлерди муўапықластырыў;
стратегиялық режелестириў ҳәм раўажланыўдың сиясий-ҳуқықый тийкарлары тараўында жоқары маманлықтағы қәниге-таллаўшыларды таярлаў.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 01.11.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».









