Мақсет ҳәм ўазыйпалары:
ҳуқықый мәденият ҳәм ҳуқықый сананы арттырыўда жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў ҳәм инновациялық көзқарасларды енгизиў;
ҳуқықый мәлимлемени мәнзилли ҳәм мақсетли жеткериў;
ҳуқықый мәлимлемени жеткериўдиң нәтийжесиз усылларын, соның ишинде, дөгерек сәўбетлери, ушырасыўлар ҳәм семинарларды кескин қысқартыў.
2026-жыл 1-февральға шекем Lex.uz арқалы "ақыллы үгит-нәсият" түринде "проактив нызамшылық" принципи енгизиледи ҳәм оған муўапық:
Lex.uz сайты Салық уйымлары порталы ҳәм Бирден-бир портал менен интеграцияланады;
Нызамшылық тараўлары улыўма ҳуқықый классификаторының ҳәр бир коды Экономикалық жумыс түрлери улыўма мәмлекетлик классификаторының тийисли топарына, сондай-ақ, тийисли мәмлекетлик хызметлерге байланыстырылады;
исбилерменлик субъектлери ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслардың soliq.uz системасындағы жеке кабинетине олардың келисими менен олардың жумыс түрине байланыслы қабыл етилген жаңа НҲҲлардың мазмуны ҳаққында мағлыўмат жибериледи;
Бирден-бир порталдан пайдаланыўшылардың жеке кабинетине олардың разылығы менен олар пайдаланған ямаса келешекте пайдаланыўы мүмкин болған хызметлерди автоматикалық таллаў тийкарында зәрүр НҲҲларға силтемелер жибериледи.
Сондай-ақ, НҲҲ жойбарларын додалаў порталында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жойбарлардың мазмуны ҳаққында мағлыўмат жибериў арқалы "ҳуқықый үгит-нәсиятлаў жойбардан басланады" принципи енгизилмекте.
2026-жыл 1-марттан баслап НҲҲларды орынлаўшыларға жеткериў, олардың мазмун-мәнисин түсиндириў жумысларын «Ijro.gov.uz» орынлаў тәртибиниң бирден-бир уйымлараралық электрон системасы арқалы қадағалаўдың жаңа тәртиби жолға қойылады.
НҲҲлардың мазмун-мәнисин орынлаўшылар ҳәм кең жәмийетшиликке жеткериў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын қадағалаў мақсетинде Әдиллик министрлиги «Ijro.gov.uz» да ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў картотекасын жүргизеди.
"Ҳуқықый мәлимлеме сиз ушын қолайлы ўақытта" принципи тийкарында ҳуқықый мәлимлемени тарқатыўда пуқаралық жәмийети институтлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлери белсене қатнасады.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 09.09.2025-жылдан күшке кирген, деп жазады «Norma».









