Ҳүжжет пенен төмендеги мақсетлер белгиленген:

аграр тараўды қаржылай қоллап-қуўатлаў системасын санластырыў арқалы мийнет ҳәм ўақыт ресурсларын 2 есеге қысқартыў, ажыратылып атырған қаржылар нәтийжелилигин арттырыў;

азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы тараўларында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлерин бирлестириў арқалы оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын 2028-жылдың ақырына шекем 50 процентке шекем қысқартыў;

тараўдағы қоллап-қуўатлаў илажларының нәтийжелилигин арттырыў есабынан аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў көлемин 2030-жылға шекем басқышпа-басқыш 20 процентке арттырыў.

Аўыл хожалығы министрлиги жанында Аграр тараўдағы төлемлер агентлиги шөлкемлестириледи ҳәм оған төмендеги ўазыйпалар жүкленеди:

азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы тараўларында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў;

көрсетилип атырған жәрдемниң нәтийжелилиги, мониторинги ҳәм анализи көрсеткишлерин ислеп шығыў;

арза бериў, оларды көрип шығыў ҳәм мақуллаўдан баслап төлем процесине шекемги барлық қоллап-қуўатлаў илажларын көрсетиў басқышларын толық санластырыў.

2026-жыл 1-январьдан баслап қоллап-қуўатлаў илажлары (тастыйықланған дизим бойынша) Агентлик тәрепинен әмелге асырылады, Аўыл хожалығын мәмлекетлик қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен ажыратылатуғын жеңиллетилген ресурслар ҳәм процент қәрежетлери менен байланыслы илажлар буған кирмейди. Онда бир қатар айрықша қоллап-қуўатлаў илажларын көрсетиў тоқтатылады.

Келешекте қоллап-қуўатлаў илажларын қаржыландырыў исбилерменлик субъектлери ушын өз алдына арнаўлы есап бетин ашыў арқалы әмелге асырылады.

Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аграр тараўдағы төлемлер агентлигиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша "Жол картасы" тастыйықланды.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 22.11.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».