Ҳүжжет пенен төмендеги мақсетлер белгиленген:
мәмлекет тәмийнатындағы, кәмбағал ҳәм аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған шаңарақларды анықлаў, сондай-ақ, оларға бирден-бир мәмлекетлик социаллық жәрдем көрсетиў;
шаңарақтың социаллық-экономикалық жағдайына сәйкес түрде социаллық қоллап-қуўатлаў;
"Тең имканиятлар - инклюзив бәнтлик" бағдарламасын әмелге асырыў арқалы 40 мың майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў.
- Шаңарақлардың бирден-бир социаллық реестри ҳәм категориялары;
2026-жыл 1-февральдан "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестри тийкарында Бирден-бир социаллық реестр жумыс алып барады.
Социаллық реестр социаллық жәрдем көрсетилетуғын шаңарақларды (адамларды) анықлаў ҳәм олардың социаллық-экономикалық жағдайын баҳалаў ўазыйпаларын орынлайтуғын "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" АТда жүргизиледи. Социаллық реестрде олар төмендеги категорияларға бөлинеди:
"мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ" - шаңарақ ағзалары мийнетке жарамсыз ямаса мийнет етиў имканияты шекленген ҳәм ҳәр бирине минимал тутыныў қәрежетлеринен (МҲТЕКМ) төмен болған улыўма орташа айлық дәрамат;
"кәмбағал шаңарақ" - шаңарақ ағзалары мийнетке жарамлы ямаса мийнет етиў имканиятына ийе ҳәм ҳәр бир ағзасына ЖЕМнан төмен болған улыўма орташа айлық дәрамат;
"кәмбағаллық шегарасындағы шаңарақ" - ҳәр бир ағзасына улыўма орташа айлық дәраматы 1 есесинен 1,5 есесине шекем болған шаңарақ ҳәм:
- "мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ" ямаса "кәмбағал шаңарақ" категориясынан шығарылған;
- "мәҳәлле жетилиги"ниң усынысы тийкарында аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған шаңарақ сыпатында тән алынған.
Социаллық дизимге киргизилген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў қураллары
"Социаллық реестр"ге киргизилген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем төленеди. "Мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ" категориясына киргизилгенлерге социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер, соның ишинде, балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем олардың усы категорияда болыў дәўиринде шаңарақ ағзаларының бәнтлигинен бийғәрез ҳәм қосымша мүрәжат талап етпеген ҳалда көрсетиледи.
"Кәмбағал шаңарақ" категориясына киргизилген шаңарақларға:
балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем олар тайынланған ўақыттан баслап 6 ай даўамында шаңарақтың мийнетке жарамлы ағзаларының рәсмий бәнтлигин тәмийинлеў шәрти менен тайынланады (нызамшылыққа муўапық шаңарақтың мийнетке жарамлы ағзаларынан бәнт болыў талап етилмейтуғын жағдайлар буннан тысқары);
шаңарақтың мийнетке жарамлы ағзаларының рәсмий бәнтлигин тәмийинлеўде балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем қосымша мүрәжат талап етилместен үзликсиз төленеди;
шаңарақтың мийнетке жарамлы ағзаларын рәсмий бәнт етиў шәрти орынланбаған жағдайда балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем төлеў тоқтатылады.
"Кәмбағаллық шегарасындағы шаңарақ" категориясына киргизилгенлер:
балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем шаңарақлар усы категорияға киргизилген ўақыттан баслап 6 ай даўамында төленеди;
шаңарақтың ҳәр бир ағзасы ушын улыўма орташа айлық дәрамат 1 есаплаў муғдарынан 1,25 есаплаў муғдарына шекем болған жағдайда балалар напақасы ямаса материаллық жәрдемниң 75 проценти төленеди;
егер шаңарақтың ҳәр бир ағзасына туўра келетуғын улыўма орташа айлық дәрамат 1,25 есесинен 1,5 есесине шекем болған муғдарда болса, тийисли напақа ямаса материаллық жәрдем муғдары 50 процентти қурайды.
2026-жыл 1-февральдан "мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ" категориясына киргизилген шаңарақлар ушын төмендегилерди өз ишине алатуғын социаллық жәрдем пакети енгизиледи:
Кәмбағаллықты қысқартыў қорынан үйлерге 7-10 кВт қуўатлылықтағы қуяш панеллерин орнатыў ушын БЕМның 100 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратыў;
Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде БЕМның 75 есесине шекемги муғдарда 4 жыл мүддетке кредит.
"Тең имканиятлар - инклюзив бәнтлик" бағдарламасы;
Бағдарлама 2026-жылы 40 мың майыплығы болған шахслардың рәсмий бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олар ушын турақлы дәрамат дәрегин жаратыўға қаратылған. Бағдарлама шеңберинде майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мақсетли көрсеткишлер тастыйықланды.
Бағдарлама шеңберинде майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын зәрүр болған инвентарь, үскене ҳәм басқа да мийнет қураллары, шийки зат сатып алыў, интернет хызметлерине жалғаныў, исбилерменлик жумысын баслаў ямаса кеңейтиў ушын Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорынан 3 жылға шекемги мүддетке, соның ишинде, 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен БЕМның 75 есесине шекемги муғдарда процентсиз ссуда ажыратылады.
Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў;
Шаңарақларды Социаллық реестрге киргизиў, категорияларды белгилеў ҳәм олардан шығарыўға байланыслы келиспеўшиликлерди жедел шешиў ушын 2026-жыл 1-февральдан район (қала) ҳәкимликлери жанында Апелляция кеңеси шөлкемлестириледи.
Социаллық реестрге киргизилген шаңарақларды мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаў илажларын көрсетиў системасын жетилистириў бойынша "Жол картасы" тастыйықланды.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 27.12.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».