Қарарға муўапық, 2026-жыл 1-марттан баслап республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшыларының исбилерменлер менен сөйлесиўин шөлкемлестириўдиң төмендеги тәртиби енгизиледи:
басшылар ҳәр шеректе тастыйықланатуғын реже-графиклер тийкарында аймақлардағы "Бизнес ҳамроҳ" орайларында исбилерменлер менен ушырасыў өткереди;
Реже-графиклер ҳәр шеректе "Бизнес ҳамроҳ" электрон платформасы ҳәм тийисли шөлкемлердиң рәсмий веб-сайтларында ашық түрде жәрияланады;
"Басшылар менен пикирлесиў" модулиндеги платформа арқалы бир шерек даўамында бир аймақтан кеминде 10 исбилермен мүрәжат жоллаған шөлкемлердиң басшылары келеси шеректе усы аймақ исбилерменлери менен ушырасыў өткериўди реже-кестесине киргизеди;
Ушырасыўлар даўамында алға қойылған ҳәм "Бизнес ҳамроҳ" орайының "Call-орайы"нан келип түскен мүрәжатлар платформа арқалы "Исбилермен виртуал офиси" мәлимлеме порталына киргизилмекте.
"Бизнес ҳамроҳ" орайлары тиккелей зәрүр функционал имканиятларға ийе болған мәмлекетлик хызметлер орайларының имаратларында жайластырылады.