Бул ҳаққында Шығындыларды басқарыў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыў агентлиги мәлим етти.

Өзбекстанда пайдаланыў мүддети өткен транспорт қуралларын сатып алыў ҳәм утилизациялаў системасын басқышпа-басқыш енгизиў режелестирилмекте. Жаңа илаж экологиялық жағдайды жақсылаў, атмосфераға зыянлы шығындыларды азайтыў ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин арттырыўға қаратылған.

Кейинги жыллары атмосфера ҳаўасының патасланыўы ең әҳмийетли экологиялық машқалалардан бирине айланды. Халық санының өсиўи, санаат ҳәм экономиканың жедел раўажланыўы жолларда транспорт қуралларының көбейиўине хызмет етпекте. Тек ғана Ташкент қаласының өзинде күнине 600 мыңға шамалас автомобиль ҳәрекетленип атырғаны ҳаўаның сапасына үлкен тәсир етпекте.

Автомобиллер тийкарғы патасландырыўшы дәреклерден бири болып қалмақта.

Әсиресе, заманагөй экологиялық стандартларға жуўап бермейтуғын транспорт қураллары қоршаған орталыққа унамсыз тәсир көрсетпекте. Ески автомобильлер атмосфераға зыянлы элементлерди көбирек шығаратуғын дәрек болып, оларды пайдаланыўдан шығарыў ҳәм кейин ала утилизациялаў мәселеси оғада әҳмийетли.

Усы мүнәсибет пенен 2026-жылдан баслап елимизде ескирген транспорт қуралларын утилизациялаў ҳәм олардың бөлеклерин қайта ислеўдиң нәтийжели системасын басқышпа-басқыш шөлкемлестириў режелестирилген.

Халық аралық тәжирийбе

Бүгинги күнде Франция, Германия, Уллы Британия, АҚШ, Япония, Қытай, Нидерландия, Россия сыяқлы дүньяның 60 тан аслам мәмлекетинде ески автомобильлерди утилизациялаў системасы табыслы жумыс алып бармақта.

Көплеген мәмлекетлерде ески автомобильлердиң ийелерине жаңа транспорт қуралын сатып алыўда ҳәр қыйлы жәрдемлер көрсетиледи. Мәселен, Франция ҳәм Германияда ески автомобильлерди утилизацияға тапсырған пуқараларға төлем ҳәм субсидияларды нәзерде тутатуғын арнаўлы мәмлекетлик бағдарламалар әмел еткен.

Соның менен бирге, Европаның бир қатар мәмлекетлеринде экологиялық талапларға жуўап бермейтуғын транспортларға шеклеўлер қолланылмақта. Атап айтқанда, Лондонда ULEZ стандартларына жуўап бермейтуғын автомобильлердиң ийелери ҳәр күни арнаўлы экологиялық жыйым төлеўи шәрт. Франция, Германия ҳәм Европаның басқа да мәмлекетлеринде де усындай илажлар әмел етпекте.

Өзбекстанда система қалай ислейди?

Усыныс етилип атырған тәртипке бола, жасы 30 жыл ҳәм оннан жоқары болған автомобильлер ийесинен базар баҳасында сатып алынып, утилизацияға жибериледи.

Ийелери менен есап-санақларды еки формада әмелге асырыў режелестирилмекте:

жергиликли ислеп шығарылған жаңа автомобильди сатып алыў ушын электрон ваучер бериў;

ваучердиң пул эквивалентин ийесине төлеў.

Электрон ваучерден жаңа автомобиль сатып алыўда дәслепки төлем сыпатында пайдаланыў мүмкин болады. Бунда ваучер суммасы шегирме сыпатында есапланып, транспорт қуралы баҳасының қалған бөлегин 1 жылдан артық мүддетке бөлип-бөлип төлеў имканияты жаратылады.

Бунда утилизацияға тапсырылатуғын автомобильлерди белгиленген мүддетте тапсырмаған пуқаралар ҳәр жылы базалық есаплаў муғдарының 30 есеси муғдарында экологиялық компенсация төлеўи шәрт болады.

Утилизация не ушын керек?

Транспорт қуралларын утилизациялаў тек ғана қоршаған орталықты қорғаў емес, ал ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўда да үлкен әҳмийетке ийе.

Ески автомобильлерде мотор майлары, жанылғы қалдықлары, аккумуляторлар ҳәм аўыр металлар болып, олар надурыс ислетилгенде топырақ ҳәм суў ресурсларын патаслаўы мүмкин. Утилизация процесинде қәўипли компонентлер зыянсызландырылады, металл, пластмасса ҳәм шийше қайта ислеўге ҳәм қайта пайдаланыўға жибериледи.

Бундай әмелият төмендегилерге имкан береди:

шығындылардың көлемин қысқартыў;

жаңа шийки заттың жумсалыўын азайтыў;

қайта ислеў санаатын раўажландырыў;

қосымша жумыс орынларын жаратыў;

жол ҳәрекети қәўипсизлигин арттырыў;

циркуляр экономика принциплерин енгизиў.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, бул басламаның табыслы әмелге асырылыўы экологиялық жағдайды жақсылаў ҳәм халықтың саламатлығын сақлаўда әҳмийетли қәдем болады, сондай-ақ, қоршаған орталыққа жуўапкершиликли қатнасты қәлиплестириўге хызмет етеди.