Өзбекстанда кадрлар резервин жүргизиўдиң жаңа тәртиби енгизилмекте

    10 желтоқсан 2025 187

    "Мәмлекетлик хызметте басқарыў нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында"ғы Президент пәрманы (ПҚ-243-санлы, 06.12.2025-ж.) қабыл етилди.

    Пәрманға муўапық, мәмлекетлик уйымларда кадрлар резервин жүргизиўдиң жаңа тәртиби енгизилип, оған муўапық:

    мәмлекетлик уйымлар:

    Миллий кадрлар резервине киргизилген лаўазымларға талабанлардың дизимин еркин түрде қәлиплестиреди;

    таңлаўдан өткен талабанлардың жеке раўажланыў режелерин «zaxira.bsa.uz» электрон платформасы арқалы мониторинг етеди;

    потенциаллы кадрлар резервине талабанларды таңлап алыў район (қала) ҳәкимлериниң жуўмағы тийкарында мәҳәлледе жумыс алып барып атырған мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторынан ибарат жумысшы топар тәрепинен әмелге асырылады;

    Агентлик:

    мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларының "басқарыў" ҳәм "сиясий" топары ушын резервти еркин түрде қәлиплестиреди;

    мәмлекетлик уйымларда нәтийжели хызмет етип атырған, бирақ басшылар тәрепинен усыныс етилмеген талабанларды еркин анықлайды ҳәм баҳалаў арқалы Миллий кадрлар резервине киргизеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates