Пәрманға муўапық, мәмлекетлик уйымларда кадрлар резервин жүргизиўдиң жаңа тәртиби енгизилип, оған муўапық:

мәмлекетлик уйымлар:

Миллий кадрлар резервине киргизилген лаўазымларға талабанлардың дизимин еркин түрде қәлиплестиреди;

таңлаўдан өткен талабанлардың жеке раўажланыў режелерин «zaxira.bsa.uz» электрон платформасы арқалы мониторинг етеди;

потенциаллы кадрлар резервине талабанларды таңлап алыў район (қала) ҳәкимлериниң жуўмағы тийкарында мәҳәлледе жумыс алып барып атырған мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторынан ибарат жумысшы топар тәрепинен әмелге асырылады;

Агентлик:

мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларының "басқарыў" ҳәм "сиясий" топары ушын резервти еркин түрде қәлиплестиреди;

мәмлекетлик уйымларда нәтийжели хызмет етип атырған, бирақ басшылар тәрепинен усыныс етилмеген талабанларды еркин анықлайды ҳәм баҳалаў арқалы Миллий кадрлар резервине киргизеди.