Өзбекстанда пенсияларды Face-ID арқалы нақ пулда төлеўдиң жаңа тәртиби жолға қойылды

    Социаллық турмыс 5 қазан 2025 1388

    Усы жылдың октябрь айынан баслап аймақларда пенсияларды нақ пулда төлеў бойынша жаңа тәртип басланды. Енди процесс пуқараларды биометрикалық идентификациялаў (Face-ID), сондай-ақ, оны алыўшының электрон имзасы менен мәжбүрий тастыйықлаў арқалы әмелге асырылады.

    Пенсия қорының мәлим етиўинше, бул системаны енгизиўден тийкарғы мақсет пуқараларға пенсияларды толық муғдарда ҳәм белгиленген мүддетлерде жеткерип бериўден ибарат.

    Жаңа механизм нәтийжесинде Халық банкиниң есабатларында төлемлер әмелге асырылған сыпатында көрсетилген, бирақ ҳақыйқатында пуллар пенсионерлерге жетип бармаған ямаса басқа шахсларға өткерилген жағдайлар сапластырылмақта.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates