Қубла Кореяның алдынғы билимлендириў тәжирийбесин енгизиў жолындағы әҳмийетли қәдем

    Сеулде болып өтип атырған "Университет ректорларының екинши Корея-Өзбекстан форумы: жасалма интеллект дәўиринде жоқары билимлендириўде инновациялар ҳәм келешек талантларын раўажландырыў: Корея ҳәм Өзбекстан арасында бирге ислесиў" атамасындағы абырайлы халықаралық форумда Наўайы мәмлекетлик университети бир қатар бирге ислесиў келисимлерине қол қойды.

    Форум шеңберинде Корея Республикасының Пучон университети ҳәм Наўайы мәмлекетлик университети арасында студентлер ҳәм оқытыўшыларды алмасыў, қоспа билимлендириў бағдарламалары ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў, жасалма интеллект, санлы билимлендириў ҳәм инновациялық технологиялар тараўында бирге ислесиў, халықаралық грантлар ҳәм стартап жойбарларды биргеликте ислеп шығыў сыяқлы тийкарғы бағдарларда бирге ислесиў бойынша рәсмий келисимге қол қойылды.

    Бул бирге ислесиў Наўайы мәмлекетлик университетиниң Қубла Кореяның алдынғы билимлендириў тәжирийбесин енгизиў ҳәм студентлеримиз ушын халықаралық билимлендириў ҳәм әмелият имканиятларын кеңейтиў жолындағы әҳмиЙетли биринши қәдеми болды.

    Сондай-ақ, Наўайы мәмлекетлик университети ҳәм Хонам университети (Корея) арасында келисимге қол қойылды. Келисимде қоспа бағдарламалар ҳәм студентлер алмасыў имканиятларын жаратыў, илимий изертлеўлер ҳәм инновациялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект технологияларын билимлендириў процесине енгизиў нәзерде тутылған.

    Дилфуза Ғуломова.