Санаат тармағының өсиўи 6,8 процентти, жалпы ишки өнимниң өсиўине қосылған унамлы үлес 1,7 процентти қурады.
Аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығының өсиўи 3,6 процентти, жалпы ишки өнимниң өсиўине қосылған унамлы үлеси 0,6 процентти қурады.
Қурылыс жумыслары көлеминиң өсиўи 14,2 процентти қурады. Қурылыс тармағының жалпы ишки өнимниң өсиўине қосқан унамлы үлеси 1,0 процентти қурады.
Хызмет көрсетиў тараўында өсиў пәти 8,7 процентти қураған. Соннан саўда, жасаў ҳәм аўқатланыў хызметлери 10,6 процентке, тасыў ҳәм сақлаў, мәлимлеме ҳәм байланыс 14,6 процентке ҳәм басқа да хызметлер 6,4 процентке өскен.
Хызметлер тараўының жалпы ишки өнимниң өсиўине қосқан унамлы үлеси 4,0 процентти қурады.
Өнимлерге салынған сап салықлардың көлеми 6,9 процентке өсип, оның жалпы ишки өнимниң өсиўине қосқан унамлы үлеси 0,3 процентти қурады.