"Ўатан - әзиз, мәртлик - мәңги" таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды

    9 қаңтар 2025 576

    Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Өзбекстан Журналистлер аўқамы тәрепинен "Ўатан - әзиз, мәртлик - мәңги!" республикалық таңлаў жәрияланған еди.

    Усы жылдың 9-январь күни Жаслар ислери агентлигинде таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

    Бул таңлаўды сыйлықлаў мәресиминде кең жәмийетшилик ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери, жазыўшы ҳәм шайырлар қатнасты.

    Таңлаўда жүзден аслам ҒХҚ ўәкиллериниң журналистлик материаллары - телерадио, баспа басылымлар ҳәм интернет журналистикасы, сондай-ақ, жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары бойынша жәми 8 дөретиўши жеңимпаз деп табылды.

    Таңлаўда “yuz.uz” сайтының хабаршысы Жонибек Алижонов сайтта жәрияланған әскерий-ўатансүйиўшилик темасындағы материаллары дизими ушын интернет журналистикасы бағдары бойынша сыйлықланды.

    Жеңимпазлар менен танысың:

    Баспа ҒХҚ бағдары бойынша:

    Элмуродов Бобур Уткирович - Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти (әскерий-ўатансүйиўшилик үгит-нәсиятлаў) бөлиминиң баслығы.

    "Ватанпарвар" газетасында жәрияланған әскерий-ўатансүйиўшилик темасындағы материаллар дизими ушын.

    Ибрагимов Шаҳриёр Шавкат улы (Шаҳриёр Шавкат) - "Жадид" газетасы "Жадидлер мийрасын үйрениў" бөлиминиң аға редакторы.

    "Жадид" газетасында жәрияланған әскерий-ўатансүйиўшилик темасындағы материаллар дизими ушын.

    Интернет журналистикасы бағдары бойынша:

    Қурбонов Умиджон Собир улы - Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң шолыўшысы.

    Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң “yuz.uz” сайтында жәрияланған әскерий-ўатансүйиўшилик темасындағы материаллар дизими ушын.

    Алижонов Жонибек Еркин улы - “yuz.uz” сайтының хабаршысы.

    “yuz.uz” сайтында жәрияланған әскерий-ўатансүйиўшилик темасындағы қатар материаллары ушын.

    Телерадио бағдары бойынша:

    Бабаниязов Дарменбай Табинбаевич - Қарақалпақстан радиоканалы "Музыкалы-дем алыў ҳәм кеўилашар бағдарламалары" бас редакциясы аға редакторы.

    Әскерий-ўатансүйиўшилик темасындағы дүркин радиоеситтириўлери ушын.

    Имамкулова Нигора Абдукахаровна - ӨзМТРК Сырдәрья ўәлаяты телерадиокомпаниясы Телевидение топарының хабаршысы.

    Телевидениеде эфирге узатылган "Ватанпарвар" көрсетиўи сериялы санлары ушын.

    Проза дөретпелери бағдары бойынша:

    Тожибоева Гулноз Зоҳидулла қызы - балалар жазыўшысы, художник ҳәм аўдармашы.

    Әскерий-ўатансүйиўшилик темасындағы гүрриңлери ушын.

    Поэзия бағдары бойынша:

    Эргашов Насрулло Рахматуллаевич (Насрулло Эргаш) - "Тафаккур" журналының редакторы.

    Әскерий-ўатансүйиўшилик темасындағы қосықлары ушын.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates