Мәмлекетимиз басшысы Беларусь жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар, дос Беларусь халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Беларусь Президенти, өз гезегинде, Өзбекстан жетекшиси ҳәм көп миллетли халқын жақынласып киятырған Ғәрезсизлик күни менен қызғын қутлықлап, турақлы раўажланыў тиледи.

Өзбекстан Президентиниң усы жыл 8-9-июль күнлери Минскке рәсмий сапары ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан-Беларусь стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Нәтийжели сөйлесиўлер ҳәм алмасыўлар, биринши гезекте, еки мәмлекет аймақлары дәрежесиндеги байланыслар қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жыл басынан товар алмасыў 28 процентке артты. Аўыл хожалығы, машина қурылысы, фармацевтика, электротехника, жеңил санаат ҳәм басқа да тармақларда кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.

Өзбекстан ҳәм Беларусь жетекшилери болажақ еки тәреплеме ушырасыўлар ҳәм илажлар режесин де додалады.