Қуўанышлы тәрепи сонда, ер адамлар арасындағы топар беллесиўлеринде Никита Светков екинши болды. 132.5 км аралыққа болып өткен жарыста жерлесимиз 3:32:41 нәтийже көрсетти.
Сондай-ақ, Tsvetkov "Grand Prix Edebiyat Yolu" жарысында да қатнасып баҳалы рейтинг очколарын қолға киргизди. Жерлесимиз бул жарыста 4-нәтийжени көрсетти. Буның менен сайланды командамыз еки күнлик жарысларда 56 очко топлады.
Ҳәзирги күнде миллий сайланды командамыздың алдында турған тийкарғы ўазыйпалардан бири - дүньяның ең күшли 50 лығына кириў ҳәм жәҳән чемпионатына сайланыўдан өтиў болып табылады.





