Онда спортшыларымыз жоқары нәтийжелерди көрсетип, 3 алтын ҳәм 5 бронза медалына ийе болды.
Атап өтилиўинше, жерлесимиз Самира Исмоилова усы жарыстың ашылыўларынан бирине айланды. Исмоилова турнир даўамында 2 алтын ҳәм 2 бронза медалларын қолға киргизиў менен бир қатарда жеке таңлаў жарысы бағдарламасында жаслар арасындағы Азия ҳәм жәҳән рекордын да орнатты. Спорчтшымыз 3000 метр аралықты 3:46.800 минутта басып өтти.
Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери менен танысың;
Алтын медаль:
Үлкенлер: Дмитрий Бочаров, скретч
Жаслар: Самира Исмаилова, омниум
Жаслар: Самира Исмоилова, жеке изинен қуўыў жарысы (Азия ҳәм жәҳән рекорды)
Бронза медаль:
Жаслар: Самира Исмоилова, очколар ушын топар жарысы
Жаслар: Самира Исмоилова ҳәм Надежда Бартенева, жуплық медисон
Үлкенлер: Асал Ризаева ҳәм Нафосат Козиева, жуплық медисон
Үлкенлер: Нафосат Козиева, омниум.
Үлкенлер: Нафосат Козиева, очколар ушын топар жарысы.