Tasnim агентлигиниң хабар бериўинше, аятолла шемби күни азанда өз жумыс орнында өлтирилген. Иран президенти офиси оның өлими жуўапсыз қалмайтуғынын билдирди. Пүткил ислам республикасында 40 күнлик матам ҳәм дем алыс ҳәптеси жәрияланды, деп жазады РИА Новости.
Fars агентлигиниң дерегине сүйенип хабар бериўинше, ИРИ жоқары жетекшисиниң қызы, күйеўи, ақлығы ҳәм келини де ҳүжим қурбанына айланған.
Оның ўазыйпасын ўақытша президент, суд ҳәкимияты басшысы ҳәм Иран конституциясын сақлаўшылар кеңеси ағзаларынан бири атқарады, деп хабар берди IRNA.